Ҳәзирги ўақытта алдаў
жолы арқалы пуқаралардың пластик карталарындағы пулларын өзлестирип алыў сыяқлы
алдаўшылық жағдайларыныӊ жаӊа түрлери көбейип баратыр.
Кибер жынаятшылар өзлерин банк ямаса басқа да пластик карталары менен ислесиўши шөлкемнен екенлигин айтып, телефоныӊызға код жиберилиўин айтады ҳәм сизиӊ телефоныӊыздағы пластик карталары менен ислесиўши мобиль қосымшаға жалғанып алады. Бунда сизиӊ мобиль қосымшаӊыздағы барлық пластик карталарыӊыздағы пулларыӊыз бир жерге жыйналып, тартып алынады. Буннан тысқары, усы тақилетте сизиӊ атыӊыздан онлайн кредит рәсмийлестиреди ҳәм сиз бир ўақыттыӊ өзинде ҳәм пластик картаӊыздағы пулыӊыздан ҳәм атыӊызға алынған кредит пулларынан айрылып, ақыбетте биреў ушын кредит төлеп отырыўға мәжбүр боласыз.
Пуқараларды телефон
номерине келген SMS-хабардағы тастыйықлаў коды, пластик карта ҳаққындағы
мағлыўматларды алдаўшыларға бермеўге, банк пластик картасы менен байланыслы ҳәр
қандай мағлыўматларды телефон арқалы қоӊыраў еткен бийтаныс шахсларға
ашықламаўға шақырып қаламыз.