22.12.2024, Екшемби

Жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды

ϴзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Жәмийетте социаллық-руўхыйлық орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын және де
қоллап-қуўатлаў, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жоқары дәрежеге алып шығыў ис-иләжлары ҳаққ
ында”ғы ПФ-5938-санлы пәрманына тийкар пуқаралар жыйыны хызметкерлери ушын бир қанша қолайлы шараятлар жаратып берилмекте. Олардыӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша Кегейли районы аймағындағы 16 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларына 2021-жыл январь айында 28 дана компютер ҳәм 14 дана 3/1 принтер жергиликли бюджет есабинан алып берилди.


Өзбекстан «Асака банк» АКБ басқармасы есабынан район аймағындағы 14 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларына уялы телефон (смартфон) алып берилди.


Пуқаралар жыйыны имаратларын жаӊадан қурыў ҳәм оӊлаў бойынша да көлемли бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Кегейли районы аймағындағы 6 АПЖ ҳәм МПЖ имаратларында жаңадан қурилис, оңлаў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, «Жалпак жап» АПЖ имаратына жергиликли бюджет есабынан 655 000 000 (алты жүз елиў бес миллион) сўм муғдарында қаржы ажыратылып, қайта оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.