Елимизде халықтың жасаў шараятын жақсылаў, пуқараларға қолайлы имканиятлар жаратыў, олардың турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў
менен бирге машқалаларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оны нәтийжели сапластырыў
баслы мәселеге айланған.
Бүгин Министрлер Кеңеси Баслығы гезектеги жеке қабыллаўын
өткерди. Онда ҳәр қыйлы машқалалар менен келген пуқаралардың мүрәжатлары
жуўапкерлер қатнасында тыңланды ҳәм талқыланды.
Атап айтқанда бәнтлик,
материаллық жәрдем, кредит алыў
ҳәм турақ-жай қурыў ушын кредит ажыратылыўында ушырасып атырған машқалалар
бойынша мүрәжатлар Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен көрип шығылды.
Билдирилген мүрәжатлар бойынша тийисли тараў қәнигелеринен
мағлыўматлар алынып, ҳәр тәреплеме
таллаў жасалды ҳәм унамлы шешим қабыл етилди.