Усы жылдың 18-ноябрь күни транспорт ҳәм логистика мәселелери бойынша болып өткен өзбек-түркмен жумысшы топарының ушырасыўы даўамында келисилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин «Хожели – Гөне Үргениш» ҳәм «Шовот – Ташаўыз» шегаралық өткериў пунктлеринде халықаралық жүк тасыўлар ушын нейтрал зонада тиркеме және ярым тиркемелерди контактсыз алмасыў жолы арқалы шөлкемлестириў бойынша сынақ өткерилди. Бул ҳаққында ӨзР Транспорт министрлиги хабар берди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы шегаралық өткериў пунктлери коронавирус пандемиясы себепли әмелиятқа енгизилген шеклеў илажлары нәтийжесинде 2020-жылы жабылған еди.
Ҳәзирги ўақытта Транспорт министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери «Хожели – Гөне Үргениш» ҳәм «Шовот – Ташаўыз» шегаралық өткериў пунктлериниң жумысларын усы жылдың 26-ноябрь күнинен санитариялық-эпидемиологиялық қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда нейтрал зонада тиркеме және ярым тиркемелерди контактсыз алмасыў жолы арқалы қайта тиклеў бойынша Түркменстанның тийисли министрлик және уйымлары менен биргеликтеги ҳәрекетлерди даўам еттирмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.