22.12.2024, Екшемби

Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев пуқараларды қабыл етти

Бүгинги күнде халықтың жасаў шараятын жақсылаў, оларға қолайлы имканиятлар жаратыў менен бирге машқалаларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оны нәтийжели сапластырыў баслы мәселеге айланған.


22-ноябрь күни Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев өз машқалалары менен келген пуқараларды қабыл етти. Онда пуқаралар тәрепинен кредит алыў ҳәм субсидия ажыратылыўына, турақ-жай менен тәмийинлеў мәселеси бойынша мүрәжат етти.


Билдирилген мүрәжатлар бойынша тийисли тараў қәнигелеринен мағлыўматлар алынып, ҳәр тәреплеме таллаў жасалды ҳәм унамлы шешим қабыл етилди.