Әмелге асырылған жумыслар ҳәм тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы
Қарақалпақстан Республикасында жәми 12 381,5 км автомобиль жолы бар болып, соннан улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары 4 254 км, ишки хожалық жоллары, қалалар ҳәм аўыллық жасаў пунктлери көшелери 8 127,5 км ди қурайды.
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас
басқармасы системасындағы кәрханалар тәрепинен 2021-жылда улыўма пайдаланыўдағы
ҳәм ишки хожалық жолларында оңлаў
жумыслары режеси ислеп шығылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрьдеги “2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4936-санлы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы бойынша 11 автомобиль жолы ҳәм 2 көпир, жәми 13 реконструкция объектинде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген болып, бүгинги күнде, яғный 9 ай жуўмағы бойынша 80 процентке шамалас жумыс көлеми орынланды ҳәмде 43,5 км автомобиль жолы пайдаланыўға тапсырылды.
Қурылыс-оңлаў жумыслары шеңберинде халықаралық, республикалық
ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе болған автомобиль жолларында, сондай-ақ,
көпирлерде қайта қурыў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылып келинбекте.
Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларына 2021-жыл
ушын эксплуатация жумысларын алып барыў режеси 76,4 процентке орынланды.
Соннан, күнделикли оңлаў жумыслары 80 процент,
автомобиль жолларын сақлаў жумыслары 72 процент, қысқы қараў жумыслары 28
процент, автомобиль жоллары бойларын көклемзарластырыў жумыслары 77 процентке
орынланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги
ПҚ-5048-санлы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы 505,3 км
ишки хожалық жолларын қурыў ҳәм оңлаў жумыслары режелестирилип, жыл басынан
баслап 481,1 км жолар пайдаланыўға тапсырылып, 81,6 процент жумыс көлеми
орынланды. Соннан, “Абад аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламалары шеңберинде
198,2 км жол оңланды.
Жергиликли бюджет параметрлеринде нәзерде тутылған қаржылар есабынан жыллық 44,0 км жол оңланыўы
белгиленген болып, әмелде 43,1 км жол толық оңланды.
Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды есабынан жыллық реже 424,4 км автомобиль
жолы оңланыўы режелестирилген болып, бүгинги күнде 401,1 км жолда оңлаў
жумыслары алып барылды.
Бул бағдардағы жумыслар “Абат
аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламасына киргизилген аймақлардағы ишки хожалық
жолларында оңлаў жумысларының алып барылыўы, басқа аймақларда қурылыс-оңлаў
жумысларының жүргизилиўи, қала көшелери бағдарламасы шеңберинде қурылыс-оңлаў
жумысларын алып барыў сыяқлы бир қатар ўазыйпаларды өз ишине алады.
ҚР Автомобиль жоллары бас басқармасы