Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариев
Қарақалпақстан Республикасы аймағында өз исбилерменлигин баслап атырған
исбилерменлер менен ашық сәўбет өткерди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен Қарақалпақстан
Республикасын социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў ушын ҳәр бир
районға Өзбекстан Республикасының 12 ўәлаятынан келген ислеп шығарыў, хизмет
көрсетиў сыяқлы ҳәр қыйлы тараўларда жумыс алып барып атырған исбилерменлер
бириктирилген еди. Өткерилген ушрасыўда
исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлар, олардың жумыс алып барыўында
ушырасып атырған машқалалар бойынша кең түрде сөз етилди.
Илаж соңында бириктирилген район ҳәкимлери ҳәм тийисли тараў
ўәкиллерине аймақларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў
бойынша тийисли тапсырмалар берилди.