Жақында Төрткүл районы Ата-журт АПЖ да жайласқан А.Дурдиев
атындағы мәденият орайында Қарақалпақстан-Түркмен Миллий мәдений орайының гезектеги
V конференциясы болып өтти.
Конференцияға республиканың барлық районларынан Түркмен
диаспорасы ўәкиллери қатнасты. Өткерилген илажда шөлкемлестириў мәселелери кең
түрде талқыланып, Орай баслығы лаўазымына исбилермен Ражаб Авезов сайланды.
Конференцияда сондай-ақ, Орайдың алдағы искерлиги даўамында
Жаңа Өзбекстан стратегиясы талапларына сәйкес жумыс алып барыў режелери бойынша
тийисли жол картасын белгилеп алыў мәселеси бойынша қарар қабыл етилип,
республика аймағында түрмен мәдениятын еледе раўажландырыў мәселеллери бойынша
сөз барды.
Конференция жуўмағында қатнасыўшыларға Арзув түркмен халық
ансамбли концерт бағдарламасы усынылды.