Республикамыз аймағындағы мәдений мийрас ҳәм туризм объектлерине алып барыўшы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында оӊлаў жумысларын жүргизиў бойынша мәнзилли жол карталары ислеп шығылып, районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханалары тәрепинен жумыслар баслап жиберилген еди.
Жақында Мойнақ районы аймағындағы жергиликли әҳмийетке ийе 4 Н-1 автомобиль жолының Дослық ДФХ аймағынан өтиўши бөлиминде Мойнақ РЖПУК тәрепинен күнделикли оӊлаў жумыслары шеңберинде асфальт төселди.
Айтып өтиў орынлы, 4 Н-1 автомобиль жолы Сулайман Бақырғаный мақбарасына алып барыўшы жол есапланып, автомобиль жолында жайласқан көпирлерди оңлаў, жол қапламаларының жарамсыз жағдайға келген бөлимлеринде оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген еди.
Қарақалпақ Автожол