Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 29-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳəм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 726-санлы Нызамы тийкарында Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мəмлекетлик пенсия тəмийнаты ҳаққында»ғы Нызамының 63-статьясының екинши бөлимине өзгерис киргизилди.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша Пенсия қоры мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, киргизилген өзгерис тийкарында пенсионер қайтыс болған ай ушын алынбай қалған пенсия пулы көрсетип өтилген шаңарақ ағзаларына сол ай ушын толық төлениўи белгиленди.
Бул нызам 2021-жыл 29-октябрьден баслап күшке кирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.