Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети хабарына бола, Ташкент
қаласының Яккасарой районында жасаўшы Расулов Раҳимжон өзиниң шаңарағында 6 кВт
қуўатлылыққа ийе болған киши қуяш фото электр станциясын орнатқан. Ол өзиниң
мүтәжлигинен артқан электр энергиясын аймақлық электр тармақлары кәрханасына
сатыўды баслаған.
Станция жылына 7 000 нан 10 000 кВт. саатқа
шекем электр энергиясын ислеп шығарады. 3-ноябрь күни шаңарақ ийеси ҳәм Ташкент
қалалық электр тармақлары кәрханасы ортасында “Қайта тиклениўши энергия
дәреклериниң киши объектлеринен ислеп шығарылған электр энергиясын сатып алыў
ҳаққында”ғы шәртнамаға қол қойылды.
Енди бул шаңарақта ислеп шығарылған электр
энергиясы аймақлық электр тәмийнаты кәрханасы тәрепинен кепилленген тәризде
сатып алынады.