Кеше Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында «Жасыл мәкан» улыўмамиллий
жойбарын әмелге асырыў шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егиў, сол
арқалы қала ҳәм районлардағы жасыл майданларды ҳәзирги 8 проценттен 30
процентке көбейтиў режелестирилгени атап өтилди.
Быйылғы жылдың 10-декабрь сәнесине шекем «әҳмийетли 40 күнлик»
жәрияланды.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев басшылығындағы жуўапкерлер Нөкис қаласы Жийдели байсын елатындағы ашық жер майданға терек екти.