30.10.2024, Сәршемби

Үстиртке түркмен қуланлары алып келинди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине муўапық, Бухара қәнигелестирилген «Жайран» питомнигинен 175 бас түркмен қуланларын «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы ҳәм «Сайгачий» комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасына көшириў және усы сийрек гезлесетуғын ҳайўанлардың тарийхый ареаллары болған аймақларда олардың бас санын тиклеў бойынша тапсырмалар белгиленген еди.


ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Илимлер Академиясының усынысына муўапық, улыўма 13 бас түркмен қуланын «Сайгачий» комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасының Жийдели бөлимине көшириў жумыслары әмелге асырылды.

 

Сондай-ақ, және 162 бас түркмен қуланын усы қорықхана ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағына көшириў жобаластырылған.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.