Қарамалшылықты раўажландырыў бойынша Шоманай районы Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Бегжаплы Бексултан-шарўа» фермер хожалығында жаңа жойбар иске қосылған болып, бул жойбарды әмелге асырыў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен қурылыс жумыслары ушын жер майданлары ажыратып берилди.
Сондай-ақ, Халқбанк тәрепинен 1 млрд 750 млн сўм ажыратылып, усы жылы Германия мәмлекетинен Голштеин нәсилли 63 бас қарамал алып келинди.
Жойбарды әмелге асырыўдан мақсет сүтти қайта ислеў арқалы халқымыздың сапалы сүт өнимлерине болған талабын қанатландырыў болып табылады. Соның менен бирге фермер хожалығында жаңадан бес жумыс орны жаратылды.
Шоманай районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети