30.10.2024, Сәршемби

2021-жылдың өткен 9 айында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары додаланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде 2021-жылдың өткен 9 айында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары ҳәм 2021-жылға арналған әҳмийетли жөнелислер, баслы ўазыйпалардың әмелге асырылыўын тәмийнлеў ис-илажларына арналған видеоселектор тәризиндеги жыйналыс болып өтти.

 




Онда жыл жуўмағына шекем белгиленген баслы ўазыйпалар ҳәм мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын қосымша резервлерди бағдардаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийнлеў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, инвестицияларды тартыў ҳәмде экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша тармақлар ҳәм аймақлар басшыларының жуўапкершилиги, аўыл хожалығын раўажландырыўда мақсетли көрсеткишлердиң орынланыўы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийнлеў, сондай-ақ, заманагөй суў тежеўши технологияларды енгизиўди кеңейтиў мәселелери сөз етилди.

 


Илажда сондай-ақ, 2021-жылда социаллық тараў объектлериниң пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийнлеў, инженерлик-коммуникация ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы бойынша көрилип атырған ис-илажлар кеңнен талқыланды.



 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети