30.10.2024, Сәршемби

Қарақалпақстан Республикасында жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша бир қатар тараў хызметкерлери қатнасында мәжилис болып өтти. Оған Олий Мажлис Сенатының аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша комитет баслығы Бахадир Тажиев, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Дарьябай  Кайпов, Алкогол ҳәм темеки базарын тәртипке салыў ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигинен соның менен бирге бир қатар жуўапкерлер қатнасты.

 

Атап өтилгениндей жүзимгершиликти раўажландырыўда кластер системасы енгизиў, тараўға алдыңғы технологияларды тартыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша ис-иләжлары ҳаққындағы Президент қарарына муўапық Қарақалпақстанда жүзимгершиликке қәнигелестирилген Елликқала ҳәм Нөкис районларында 2022-жылда жәми  6 мың гектар жүзим егиў режелестирилген. Бул майданларда жүзимгершиликти раўажландырыў ушын жәми 7 миллион  500 мың дана жүзим нәллери талап етилетуғын болып, бүгинги күнде баҳасы 24 миллиард сўмлық 5 миллион дана нәлге шәртнамалар дүзилген.


Бул ислердиң нәтийжесинде 33 мыңнан аслам пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў күтилмекте.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети