30.10.2024, Сәршемби

Өзбекстанға алып келинген ҳәм ислеп шығарылған вакциналардың муғдары 35 миллион 200 мың дозадан өтти


Ҳәзирғана елимизге  Pfizer/BioNTech вакцинасының 273 780 дозалық партиясы алып келинген. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

 Солай етип, елимизде емлеў процесслеринде пайдаланылып атырған жәми вакцина 35 225 138 дозаны қурамақта.

 Олардан:

💉1 594 480 дозасы AstraZeneca;

 

💉25 933 818 дозасы ZF-UZ-VAC2001;

 

💉720 500 дозасы "Sputnik V";

 

 💉3 000 060 дозасы Moderna;

 

💉2 000 280 дозасы Pfizer/BioNTech;

 

💉1 976 000 дозасы Sinovac вакцинасы болып есапланады.

 

Соннан 25 101 646 дозасы емлеў процесслеринде қолланылған.