2021-жыл гүз мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасы
аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларына
«Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасы тәрепинен 30 000 түп декорациялық терек
ҳәм путалар егилиўи режелестирилген еди. Булардан автомобиль жоллары бойларына
835 түп можжевельник, 235 түп шығыс түйеси, 2864 түп япон сафорасы, 4223 түп
катальпа, 1455 түп ясин, 1002 түп қайрағаш, 193 түп тут, 2930 түп клён, 910 түп
акация, 1000 түп павлония, 11977 түп сексеўил, 2356 түп басқа түрдеги
декорациялық тереклер егилиўи белгиленген.
Бул бағдарда 2021-жыл ушын мәнзилли бағдарлама ислеп шығылып, жумыслар баслап жиберилди. Бүгинги күнде 70 проценттен зыят декорациялық терек ҳәм путалар егилди.
Агрохимия лабораториясы унитар кәрханасы менен биргеликте жер тайпасы ҳәм топырақ қурамын үйрениў ушын тийисли тәртипте шәртнама дүзилген болып, бул бағдарда топырақ анализи ҳәм агрохимиялық талқылаў жумыслары алып барылмақта. Зәрүр болған органикалық төгинлер (жергиликли төгинлер) қоры да жаратылған.
Егилетуғын декоратив терек нәллериниӊ 29 000 данасы кәрхана питомнигинде жетилистирилген болып, питомникте жоқ 1 000 түп павлония нәллери Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик тоғай хожалықлары кәрханаларынан шәртнама тийкарында алыў режелестирген.
Ҳәр бир объектте бар болған егилетуғын тереклерди сақлаўға өсимликлерди қорғаў бөлими қәнигелери ҳәмде участка бригадирлери жуўапкер етип бириктирилген.
Бүгинги күнде мәнзилли бағдарлама бойынша улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларына терек егиў ушын жер таярлаў ҳәмде режениӊ қалған бөлимине егиў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақ Автожол