30.10.2024, Сәршемби

«Сулайман Бақырғаный»ға алып барыўшы жолда қандай жумыслар болып атыр?

Республикамыз аймағындағы мәдений мийрас ҳәм туризм объектлерине алып барыўшы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында оӊлаў жумысларын жүргизиў боьйынша  тийисли жумыслар әмелге асырып атыр.

 

Мойнақ районы аймағындағы Сулайман Бақырғаный мақбарасына алып барыўшы 4 Н-1 автомобиль жолында күнделикли оӊлаў жумысларын алып барыў, автомобиль жолында жайласқан 2 көпирде күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде көпир үстинги қапламаларын жаӊасына алмастырыў, пиядалар жолы блокларын орнатыў, көпир үстин асфальтлаў сыяқлы бир қатар жумыслар, сондай-ақ, мақбараға алып барыўшы жол бойынша тийисли жол белгилерин орнатыў, сигнал таянышлары (сигнальные тумбы) ҳәм қәўипсизлик тосықларын (БДО) жаӊасына алмастырыў бойынша жумыслар Мойнақ РЖПУК жумысшылары тәрепинен әллеқашан-ақ баслап жиберилген.

 

Ш.Мирзияев келеси жылы Сулайман Бақырғанийдың 900 жыллық юбилейи белгилениўи ҳаққында айтып өткен еди.


Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы