22.12.2024, Екшемби

Гүрес федерациясының Қарақалпақстан бөлимине хызмет автомашинасы тапсырылды

Президентимиз тәрепинен елимизде спортты ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, әсиресе жасларымыздың турақлы түрде спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда 3384 спорт имаратлары жасларымыздың ықтыярында. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине тийисли болған имаратқа 1,1 млрд.сўм қаржы ажыратылып Гүрес орайына айландырылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды. Ҳәзирги ўақытта бул спорт залда 400 ден аслам спортшылар турақлы түрде шуғылланып келмекте.


Қарақалпақстан Республикасында Гүрес федерациясының Қарақалпақстан бөлимине болған итибар, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде 6 жәҳән чемпионы, 12 Азия чемпионлары жетисип шығып, 20 спортшымыз халықаралық турнирлерде жеңимпаз болды.


Әмелий ислердиң даўамы сыпатында бүгин Гүрес федерациясының Қарақалпақстан бөлимине “Cobalt” маркалы хызмет автомашинасы салтанатлы түрде тапсырылды.

Автотарнсортты тапсырыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов тараў хызметкерлери менен спорт усталары қатнасты.


Мәресимде Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев сөзге шығып, спортшыларды бүгинги күндеги жетискенликлери менен қутлықлап, алдағы ўақытларда күтилип атырған жарысларда қоллары бәлент келиўине тилеклеслик билдирди.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети