22.12.2024, Екшемби

Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев пуқараларды қабыл етти


Бүгинги күнде халықтың жасаў шараятын жақсылаў, оларға қолайлы имканиятлар жаратыў менен бирге машқалаларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оны нәийжели сапластырыў баслы мәселеге айланған.

14-октябрь күни Министрлер Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев өз машқалалары менен келген пуқараларды қабыл етти.  Онда пуқаралар тәрепинен кредит алыў ҳәм субсидия ажыратылыўына, турақ-жай менен тәмийинлеў мәселеси, баланы мектепке шекемги  билимлендириў мәкемесине жайластырыў ҳәм табийғый газ тармағын тартып бериў бойынша мүрәжат етти.

Билдирилген мүрәжатлар бойынша тийисли тараў қәнигелеринен мағлыўматлар алынып, ҳәр тәреплеме таллаў жасалды ҳәм унамлы шешим қабыл етилди.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети