Шоманай районы «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы (Қарақалпақстанның 40 жыллығы бөлиминдеги) пуқаралар район орайына барыў ушын 35 километрлик жерден айланып, Шоманай арнасын кесип өтетуғын еди. Буған себеп, улыўма пайдаланыўдағы 4Н-38А автомобиль жолының 1,2 километринде жайласқан көпирдиң жарамсыз жағдайға келип қалғанлығы еди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-марттағы 21-санлы мәжилис протоколы тийкарында көпирде оңлаў жумыслары алып барылып, қайтадан қурылды ҳәм көпир үсти автомобиль жолына да жаңадан асфальт төселди. Ең баслысы пуқаралар 35 километр аралықтан айланбай, 2 километр жол жүрип район орайына шығып кете алатуғын болды, – деп жазбақта «Қарақалпақавтожол» баспасөз хызмети.
Көпирдиң салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасқан аўыл турғынлары, жасыүлкенлердиң қуўанышы шексиз. Енди мектепке қатнайтуғын оқыўшылар да бул көпирден қорқпай өте алады. Машқала унамлы шешимин тапты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.