«Жол салған саўап» дегендей Мойнақлы жол хызметкерлери район
аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында басқышпа басқыш оӊлаў
жумысларын алып барыў бағдарында нәтийжели жумыс алып бармақта.
Жақында райондағы жергиликли әҳмийетке ийе 4-Н 1 (4-Р 173 «Мойнақ-Қоӊырат жолы» жолыныӊ 36 км – Дослық ДФХ) автомобиль жолында Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, асфальтобетон қапламасы төселди.
Қарақалпақ Автожол