22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасында ирригация тараўын раўажландырыў жойбары әмелге асырылады

Қарақалпақстан Республикасының Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Кегейли, Шымбай Қараөзек ҳәм Бозатаў районларын суў менен тәмийинлеўши Сүўенли, Параллель ҳәм Кегейли каналларында реконструкция жумыслары алып барылады.



Усы мүнәсибет пенен көргизбели семинар болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Кайпов ҳәм тараў хызметкерлери қатнасты.


Каналлардың пайдалы жумыс коэффициентин арттырыў, халықтың үй алды қыйтақ ҳәм  аўыл хожалығы жерлерин суў менен тәмийинлеў мақсетинде ирригация тараўында 180 млн. доллар муғдарындағы жойбар әмелге асырылады.




Атап айтқанда Сүўенли каналында 96,6 км, Параллель каналында 36 км ҳәм Кегейли каналында 36 км узынлықта бетон қаплама жатқызыў жумыслары әмелге асырылады.

Нәтийжеде Сүўенли, Параллель каналларының орташа пайдалы жумыс коэффициенти 0,67 ден 0,95 ге, Кегейли каналында 0,67 ден 0,85 ге ге артып, 51 мың 315 гектар жер майданлары турақлы суў менен тәмийинленеди.