Усы жыл 30-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  1-октябрь- Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәжилис  болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жаңа түрдеги ҳәм жаңа сапа басқышындағы билимлендириў дәргайлары, атап айтқанда, Президент мектеплери, дөретиўшилик мектеплери, қәнигелескен мектеплер жумыс ислемекте. Ҳәзирги күнге келип математика бағдарында 112, физика бағдарында 14, химия-биология бойынша 87, информатика ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары бойынша 99, шет тиллери бойынша 207 қәнигелескен мектеплердиң жумыс алып барып атырғанын айрықша атап өтиў тийис.

Жоқары билимлендириў тараўында да исенимли реформалар әмелге асырылмақта. Соңғы бес жылда шет еллердеги абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте  67 жаңа университет ҳәм институтлар және филиаллар қурылып, олардың улыўма санының 144 ке жеткерилгени, қамтыў дәрежесиниң 3 есеге артып, 9 проценттен 28 процентке жеткени де мине усыдан дәрек береди.

Быйылғы оқыў жылында ең заманагөй талаплар ҳәм стандартлар тийкарында шөлкемлестирилген Жаңа Өзбекстан университети дәслепки студентлерди өз қушағына қабыл етти. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасында да кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Илажда Мойнақ районындағы 3-улыўма орта билимлендириў мектебиниң география пәни муғаллими, II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени ийеси А.Көшерова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының өзбек әдебияты кафедрасы профессоры, «Фидокорона хизматлари учун» ордени ийеси К.Қурамбаев, Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Н.Рзабекова шығып сөйлеп,   билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги