Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2021-жыл 27-майдағы тийисли Қарарына муўапық, республикамыз тез медициналық
жәрдем хызмети ушын жаңа ҳәм заманагөй маркадағы тез жәрдем автомашиналарын
сатып алыў белгиленген еди.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, көрсетилип атырған тез жәрдем сапасын жақсылаў ҳәм оны халыққа және де жақынластырыў мақсетинде мақсетинде ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы Қәнигелестирилген автотранспорт кәрханасына 10 дана жаңа «Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобили ажыратылған.
Бүгин усы тез жәрдем автомобиллерин ҚР Денсаўлықты сақлаў
министри Мурад Қурбанов өз айдаўшыларына салтанатлы тәризде тапсырды. Бул
автомобиллер Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай районлары ҳәм Нөкис қаласы тез
жәрдем бөлимлеринде өз жумысын баслайды. Сондай-ақ, кәрхана қурамында жәми 128
«Damas» маркалы автомашина хызмет көрсетип турған болса, олар басқышпа-басқыш
«Volkswagen Caddy» медициналық тез жәрдем автомобилине алмастырылып барылады.
Сол арқалы, барлық районлар жаңа автомобиллер менен толық тәмийинленеди.
– Көп жыллардан берли тез жәрдем айдаўшысы болып ислеп
киятырман. Мине, бүгин бизлерге жаңа ҳәм заманагөй тез жәрдем автомашиналарын тапсырды.
Алдынғы «Damas»ларда ҳәрекетленгенимизде көп қолайсызлықлар сезер едик. Мысалы,
жолларда көп машиналар жол бермейтуғын еди, оларға белги берейик десек, ҳәтте
сиренасы да жоқ еди. Ал, бул жаңа автомашина барлық стандартларға толық жуўап
берип, ишки инвентарлар менен, кислород баллоны менен тәмийинленгени,
фаралардың жақтылығы, жолларда ҳәрекетлениўде қолайлығы, май жанылғысын әдеўир
үнемлеўи, шақырыў болғанда тез жетип барыў мүмкиншилигиниң артыўы ҳәм басқа
бирқанша имканиятлары менен ажыралып турады. Усындай жаңа имканият ҳәм
шараятларды жаратып атырған президентимизге ҳәм тараў басшыларына рахмет
айтаман, – дейди Қәнигелестирилген автотранспорт кәрханасының «Тез жәрдем»
айдаўшысы Қуўанышбай Өтегенов.
Ҳақыйқатында да, тез жәрдем хызметин ең соңғы маркадағы ҳәм
барлық қолайлықларға ийе болған заманагөй автотранспорт қураллары менен
тәмийинлеў бойынша кең көлемли ис-илажлар кешиктирип болмайтуғын жағдайларда
көплеген инсанлардың өмирин сақлап қалыў имканын бериўи сөзсиз.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети