«Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшилик пикири
тийкарында қәлиплескен илажларды қаржыландырыўды және де кеӊейтиў ис-илажлары
ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ–5250-санлы, 22.09.2021 ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, 2021-жыл
1-октябрге шекем:
Пуқаралар басламасы
фондында 1 млрд сўмнан кем қаржы қәлиплескен район ҳәм қалалар ушын қосымша
57,9 млрд сўм;
“Ашық бюджет”
мәлимлеме порталы арқалы келип түскен усыныслар саны 100 ден артық болған район
ҳәм қалаларға қосымша 59,5 млрд сўм қаржы ажыратылады.
2022-жыл 1-январдан
район ҳәм қалалар бюджетлери параметрлеринде аймақлық ишки жолларды оӊлаў ушын
ажыратылатуғын қаржылардыӊ 50 проценти «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы
жәмийетшилик пикири тийкарында анықланған ишки жоллларды оӊлаўға
бағдарланады.
Районлар ҳәм қалалар
ҳәкимликлери тәрепинен ҳәр шеректе шеректен кейинги айдыӊ 25-сәнесине шекем
жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў бойынша
мағлыўматлар рәсмий веб-сайт ҳәм «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына
жайластырылып барылады.
Қаракалпақстан
Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети