22.12.2024, Екшемби

Қоӊырат районының орайлық көшеси асфальтланбақта

Қоӊырат районы орайынан өтиўши 4Н-36 автомобиль жолыныӊ улыўма узынлығы 11 км болып, районныӊ бас көшеси (Қарақалпақстан) есапланады. Алдын бир тәреплеме ҳәрекетти тәмийнлеўши 2 полосалы 2 автомобиль жолына ажыратылған еди. Қоӊырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, жол кеӊейтилмекте.

 

Быйылғы жылда 4Р-173 автомобиль жолынан басланыўшы 4Н-36 Алтынкөль аўылы-Қоңырат ДФХ жөнелисиндеги 8-11 км. аралығында оӊлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген, ени 7,5 м. ҳәм 9 м. болған еки автомобиль жолынан 6 полосалы ени 22 метрлик бир пүтин жолға айландырылып атыр.

 

Автомобиль жолы бойына лоток жатқарылып, асфальт асты грунт, топырақ жумыслары жүргизилди ҳәм щебен төселди. Бүгинги күнде автомобиль жолыныӊ 10-11-км аралығында асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта.