22.12.2024, Екшемби

Олимпиадашылар студентлер менен ушырасты

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында усы жылдың 23-июль ҳәм 8-август күнлери аралығында Японияның Токио қаласында өткерилген ХХХII жазғы Олимпиада ойынларында елимиз абыройын мүнәсип қорғап қайтқан қарақалпақстанлы спортшы жаслар менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Оған филиалдың студент-жаслары, оқытыўшылары, спортшылардың тренерлери менен ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда филиал директоры Б.Жақсымуратов шығып сөйлеп, елимизде спорт тараўына қаратылып атырған итибар, спортшылардың қолға киргизген табыслары ҳаққында кең түрде атап өтти.

Буннан соң, олимпиадаға қатнасып қайтқан спортшылар спорттың грек-рим спорт түринен Жалғасбай Бердимуратов, дзюдо спорт түринен Шарафиддин Балтабаев, спорттың қылышласыў  түринен Зайнаб Дайыбекова ҳәм Шерзод Мамутовлар студент-жасларға өзлериниң спорттағы басып өткен жолы, устазлары, олимпиада ойынлары, жол қойған кеўил-кеширмелери, қәте – кемшиликлери ҳаққында айтып берди.

– Өзбекстан сайланды командасынан  спорттың 17 түринен 71 спортшы олимпиадаға қатнасып қайттық. Спортшы жарыста утылып қалса да, ол шынығыўларды даўам еттириўи керек. Енди 2024-жылы Париж қаласында өткерилетуғын олимпиадаға қызғын таярлық көрип атырмыз. Токио олимпиадасына  қатнасып қайтқанымыздың өзи бизлерге үлкен тәжирийбе мектеби болды,  – дейди олимпиада қатнасыўшысы Жалғасбай Бердимуратов.

– Ушырасыўда усы филиалдың 2-курс студенти, қылышласыў бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы, «Жасорат» медалының ийеси Зайнаб Дайыбекованың ерискен жетискенликлери айрықша тәсир қалдырды ҳәм биз жасларға үлкен мотивация берди,  -дейди филиал студенти А.Абезниязов.

Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги