Республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-173 Қоңырат-Мойнақ жөнелисиндеги автомобил жолының 33-63-км. аралығында Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Күнделикли оңлаў жумыслары шеңберинде автомобил жолында пайда болған кемшиликлер сапластырылып, жарамсыз жағдайға келген бөлимлери фреза менен ислеў бериў жолы арқалы жол қапламасы қырып алынды ҳәм қара қаплама төселди.
Турақлы түрде автомашиналар қатнаўы болатуғын автомобил жолында күнделикли оңлаў жумысларын алып барыўдың әҳмийети айрықша. Себеби, аўыр жүк машыналары ҳәм басқа да сыртқы факторлар нәтийжесинде жолдың айырым бөлеклери жарамсыз жағдайға келиўи мүмкин. Алып барылған күнделикли оңлаў жумысларында автомобил жолында пайда болған ҳәр қыйлы жарықлар ҳәм басқа да кемшиликлер сапластырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары аймақлық бас басқармасы
Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары аймақлық бас басқармасы