22.12.2024, Екшемби

Ғәрезсизлик байрамы илажларын өткериў тәртиплери белгиленди

Соңғы ўақытларда елимизде коронавирус пенен кеселлениў көрсеткишлери салыстырмалы түрде турақлыласып атырғанын есапқа алып, Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамы илажларын көтериңки руўхта өткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ашық майданларда сейиллер, концерт тамашалары ҳәм кеўилашар бағдарламаларды шөлкемлестириў бойынша тийисли шөлкемлер тәрепинен берилген усыныслар мақулланды.

Ғәрезсизликтиң отыз жыллығы байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлеўге жуўапкерлер тәрепинен байрам илажларына келиўшилердиң нықап тағыўы, социаллық аралықты сақлаўы, жеке гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиўи бойынша қадағалаўды күшейтиўди тәмийинлеўи шәртлиги белгиленди.

Усы орында Денсаўлықты сақлаў министрлиги байрам илажлары өткерилетуғын майданларда, сондай-ақ, шөлкем, кәрхана, мәкемелерде, ири саўда комплекслери, супермаркетлер, кеўилашар мәкемелерде нықапта болыў, социаллық аралықты сақлаў, дене температурасын өлшеў әмелиятларына әмел етилиўин сорап қалады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.