25-август күни сырт мәмлекетлердиң мәмлекетимизге жаңадан тайынланған елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Румынияның елшиси Даниель Кристиан Чобану, Польша Республикасының елшиси Радослав Грук, Тәжикстан Республикасының елшиси Абдужаббор Раҳмонзода, Швейцария Конфедерациясының елшиси Константин Оболенский ҳәм Германия Федеративлик Республикасының елшиси Тило Клиннерден исеним жарлықларын қабыл етип алды.
Мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерди Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы кең көлемли демократиялық жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар даўам етип атырған әҳмийетли дәўирде мәмлекетимизде дипломатиялық миссиясын баслағаны менен қызғын қутлықлады.
Әмелге асырылып атырған ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында сөз жүргизер екен, Президентимиз сырт елли бирге ислесиўши мәмлекетлер, бәринен бурын, қоңсылас мәмлекетлер менен дослық қатнасықлар ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын айрықша атап өтти.
Усы жылы август айының басында Түркменстанда Орайлық Азия мәмлекетлериниң гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы табыслы өткерилгени, усы илаж жақын регионаллық бирге ислесиўдиң күн тәртибиниң кең екенлигин және бир мәрте көрсеткени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўына байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратты. Бүгин усы мәмлекетте жүз берип атырған ўақыялар пүткил халықаралық жәмийетшиликте тәшўиш оятып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан аўған кризисин тез ўақытта тәртипке салыўға жәрдемлесиў ушын әҳмийетли басламаларды алға қойып, зәрүр ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып атырғаны атап өтилди.
Соның ишинде, усы жылдың 15-16-июль күнлери Ташкент қаласында өткерилген «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыс. Қәўиплер ҳәм имканиятлар» темасындағы жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияның мақсети Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлық орнатылыўы ҳәм экономикалық тиклениўге жәрдемлесетуғын ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў ушын шараятларды қәлиплестириўден ибарат болады.
Өзбекстан Президенти мәмлекетимиздиң жаңа елшилер ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўиниң перспективаларына айрықша тоқтап өтти.
Румыния менен еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў ушын кең имканиятлардың бар екенлиги атап өтилди. Бул, бәринен бурын, өз-ара саўда көлемин арттырыў, тоқымашылық, химия ҳәм фармацевтика тармақлары, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика тараўларында кооперацияны жолға қойыў болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның биринши мәжилисин өткериў, сөйлесиў ҳәм алмасыўларды, соның ишинде, сыртқы сиясий уйымлар дәрежесинде жеделлестириў усыныс етилди.
Халықаралық шөлкемлер ҳәм Европа Аўқамы менен сөйлесиў шеңберинде Румыния менен бирге ислесиўге де айрықша итибар қаратылмақта.
Польша Өзбекстанның Европадағы исенимли дәстүрий бирге ислесиўшиси болып есапланады. Соңғы жылларда көп қырлы Өзбекстан – Польша бирге ислесиўи избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Буннан тысқары, Европа Аўқамы менен көп тәреплеме сөйлесиў ҳәм Вишеград топары шеңбериндеги бирге ислесиў беккемленип бармақта.
Соның менен бир қатарда, еки мәмлекет аўыл хожалығы, машина қурылысы, киши бизнес ҳәм инновациялар, билимлендириў ҳәм туризм сыяқлы тараўларда еле иске қосылмаған үлкен потенциалға ийе.
Өзбекстан жетекшиси болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер әмелий шерикликти кеңейтиўге қосымша пәт бағышлайтуғынын атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Тәжикстанның дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларында сезилерли раўажланыўға ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Оған еки дос мәмлекет жетекшилериниң турақлы ушырасыўлары ҳәм сиясий ерк-ықрары хызмет етпекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл июнь айында Тәжикстан Республикасына тарийхый сапар етиўи жуўмағында ерисилген келисимлерди ҳәм анық кооперация жойбарларын толық көлемде әмелге асырыў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.
Буннан тысқары, мәмлекетлеримиз халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде тығыз бирге ислесип, бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.
Швейцария менен қатнасықлар перспективасына тоқталар екен, Өзбекстан Президенти сиясий сөйлесиўди және де раўажландырыў ҳәм биргеликтеги экономикалық жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Банк-қаржы тараўы, инновациялар ҳәм заманагөй технологиялар, азық-аўқат санааты, фармацевтика, Аралбойындағы жағдайды жақсылаў ушын финанслық-техникалық жәрдем бағдарламаларын кеңейтиў тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.
Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның жумысы шеңбериндеги әмелий шерикликтиң күн тәртибин ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан Германия менен кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўден мәпдар.
Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер Өзбекстан – Германия қатнасықларында жаңа басқыш басланғанынан дәрек береди.
Глобаллық экономикалық кризис ақыбетлерине қарамастан, өз-ара саўда көлеми, Германияның жетекши компанияларының қатнасыўындағы қоспа кооперация жойбарларының саны артпақта.
Буннан тысқары, республикамызда «KfW» банки, Германия саўда-санаат палаталарының аўқамы ҳәм Киши ҳәм орта бизнес бирлеспесиниң офислери өзиниң жумысын табыслы баслағаны атап өтилди.
Исбилерменлер арасындағы байланыслардың жеделлесиўи еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиўдиң үлкен потенциалын әмелге асырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти сөзин жуўмақлап, дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларына олардың Өзбекстан Республикасы менен дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў жолындағы жуўапкерли ҳәм абырайлы жумысына үлкен табыслар тиледи.
Қысқа сәўбетте дипломатлар қызғын қабыллағаны ҳәм мәмлекетимиздеги нәтийжели жумысына жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди. Елшилер мәмлекетлеримиз арасындағы шериклик байланысларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын бар күш-жигерин жумсайтуғынын атап өтти.
ӨзА