Туңғыш мәрте мектеп босағасына қәдем қойыўға атланып атырған оқыўшылар жаңа оқыў жылының басланыўын сабырсызлық пенен күтпекте. 1-классқа қабыл етилип атырған оқыўшыларды хошаметлеў, оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Президент саўғалары» бериледи.
Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 2021-2022-оқыў жылы ушын 1-класс оқыўшыларына тапсырылатуғын «Президент саўғалары»нан ибарат кәрўан аймақларға жол алды.
Саўғалар арасында 12 түрдеги оқыў қураллары, соның ишинде, портфель, дәптер, сүўрет дәптери, акварель бояўлары, реңли қағаз, қәлем салғыш, шарикли ручка, реңли ҳәм әпиўайы қәлемлер, пластилин, желим, өширгиш болып, олар дәслеп Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларына жетип барады. Жаңа оқыў жылы басланғанға шекем бул саўғалар басқышпа-басқыш барлық мектеплерге жеткерилип, оқыў жылының биринши күни оқыўшыларға тапсырылады.
Бурын хабар бергенимиздей, 2021-2022-оқыў жылында 641 604 оқыўшы мектеплердиң 1-классларына қабыл етилиўи режелестирилген.
Файзулло ЯҲЁЕВ,