22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районында «Қазанкеткен суў жеткерип бериў қурылмасы»н қурыў жумыслары басланды


Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районында «Қазанкеткен суў жеткерип бериў қурылмасы»н қурыў жумыслары басланды. Бул жумыслар шеңберинде қуўатлылығы күнине 3200 m3 болған филтрлеў станциясы, сыйымлылығы 20 мың m3 болған 2 дана суў тындырғышларды бетонлаў, насослар, видеобақлаў масламасын орнатыў, қурылма аймағын абаданластырыў, ишки ишимлик суўы тармағын реконструкциялаў белгиленген.

Нәтийжеде 21,0 мың турғынлардың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланады.