22.12.2024, Екшемби

Быйылғы оқыў жылынан баслап, академиялық дем алыс алған студентлер оқыўды даўам еттириўи мүмкин болады


Быйылғы оқыў жылынан баслап, академиялық дем алыс алған студентлер оқыўды сыртқы, кешки, онлайн формаларға өзгертиўи ҳәм даўам еттириўи мүмкин болады. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Бунда:

-Қарамағында/шаңарағында наўқасқа қараўы керек болған студентлер;

-денсаўлығы себепли оқыўға келиў имканияты болмаған студентлер;

-денсаўлығына бола үйде қалыўы керек болған ҳәмиледар ҳаял студентлер;

-баласы бар жас ана студентлер;

-әскерий хызметке кетиўи керек болған студентлер ҳәм басқа да тийкарлы себеп көрсеткен студентлер академиялық дем алыс алыўы мүмкин болады.

 

Өткен дәўирдеги академиялық дем алыстан ҳәзиргисиниң парқы сонда, студент оқыўдан шетлетилмейди.

 

Оның ушын студент билим алып атырған жоқары оқыў орны ректорының атына академиялық дем алыс алыўға себеп болған факторды көрсеткен ҳалда арза жазады ҳәм мағлыўмат (справка) усынады.