22.12.2024, Екшемби

Президент Шавкат Мирзиёев қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова ҳаққында


- Быйылғы Олимпиада биз ушын спорт тараўында бирнеше жаңа қәбилет ийелери, жаңа Өзбекстанның жаңа қаҳарманларын анықлап бергенин атап өтиў керек.

 Атап айтқанда, 18 жаслы спортшы қызымыз, қарақалпақ халқының мүнәсип перзенти Зайнаб Дайыбекова қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Олимпиада қатнасыўшысы деген мәртебеге еристи.

 Ең әҳмийетлиси, ол жарыслардың екинши айланымында Азия ойынларының финалшысы, дүнья рейтингинде 3-орында туратуғын қытайлы тәжирийбели спортшыны жеңип шықты.

 Мен исенемен, Зайнаб қызымыз келеси Олимпия ойынларында буннан да белсене қатнасып, өзиниң шеберлиги менен Өзбекстанымызға әлбетте алтын медаль алып келеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.