22.12.2024, Екшемби

«Ватандошлар» жәмийетлик фондын шөлкемлестириў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Сырт елде жасап атырған ўатанласларды тарийхый Ўатаны әтирапында және де бирлестириў, олардың қәлби ҳәм санасында ел менен мақтаныў сезимин күшейтиў, миллий өзликти сақлап қалыў, ўатанласлар ҳәм олар тәрепинен дүзилген жәмийетлик бирлеспелерди қоллап-қуўатлаў, ҳәр қыйлы тараўларда жумыс ислеп атырған ўатанласларымыздың имканиятын мәмлекетимиздиң раўажланыўына нәтийжели бағдарлаў мақсетинде:

  1. Сыртқы ислер министрлиги, Мәденият министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, «Раўажланыў стратегиясы» орайының олардың шөлкемлестириўиндеги мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми-«Ватандошлар» жәмийетлик фондын (кейинги орынларда – Фонд) шөлкемлестириў ҳақындағы усынысы мақуллансын.
  2. Фонд жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

сырт елде жасап атырған ўатанласлар ҳәм олар тәрепинен дүзилген жәмийетлик бирлеспелер менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм раўажландырыў;

халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормалары, ўатанласларымыз жасап атырған мәмлекетлердиң нызамлары ҳәм Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары тийкарында сырт елде жасап атырған ўатанласлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға жәрдемлесиў;

сырт елде қыйын турмыслық жағдайға түсип қалған ўатанласларды белгиленген тәртипте материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, оларға мәлимлеме жағынан ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў;

сырт елде өзбек тили, мәденияты ҳәм дәстүрлерин сақлап қалыў ҳәм раўажландырыўға қаратылған жумысты қоллап-қуўатлаў;

сырт елде елимиздиң бай илимий, мәдений ҳәм ағартыўшылық мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, ўатанласларға мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириўде жәрдемлесиў;

ўатанласлар тәрепинен шөлкемлестирилген жәмийетлик бирлеспелердиң жумысын хошаметлеў, оларға сырт елде өзбек миллий мәдений орайларын шөлкемлестириўде әмелий жәрдем көрсетиў;

сырт еллердиң билимлендириў өзбек тилинде алып барылып атырған мәкемелеринде педагог кадрларға болған талаптан келип шығып, сырт елде жасап атырған қәбилетли ўатанласларымыздың республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўына жәрдем бериў;

раўажланған сырт еллерде жасап атырған илимпаз ҳәм дөретиўши ўатанласларымыздың елимиздиң абыройын арттырыўға қаратылған илимий, дөретиўшилик изленислерин қоллап-қуўатлаў;

сырт елде ўатанласлар тәрепинен шөлкемлестирилетуғын абыройлы илажларда елимиздиң белгили жазыўшы ҳәм шайырлары, илим ғайраткерлери, диний уламалары, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери, спортшылары қатнасыўын тәмийинлеўде жәрдемлесиў;

сырт елде жасап атырған ўатанласларды Өзбекстан аймағында исбилерменлик, инвестициялық, илимий, ағартыўшылық ҳәм мәдений жумыс пенен шуғылланыўға жедел тартыў;

сырт елде жасап атырған ўатанласларды Өзбекстанның тарийхы, мәденияты, сиясий ҳәм социаллық-экономикалық турмысына байланыслы мағлыўматлар менен тәмийинлеўге қаратылған интерактив электрон порталды жүргизиў;

сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз ушырасып атырған машқалаларды системалы тийкарда таллап барыў ҳәм олардың шешими бойынша анық усыныслар ислеп шығыў;

миграция ҳәм билимлендириў тараўларында шәртнамалық-ҳуқықый бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымларға киргизип барыў;

Фонд Уставына муўапық басқа да ўазыйпаларды әмелге асырыў.

  1. Төмендегилер:

«Ватандошлар» жәмийетлик фондының қайырқомлық кеңеси (кейинги орынларда – Фондтың Қайырқомлық кеңеси) – Фондтың жоқары уйымы;

Қайырқомлық кеңеси тәрепинен қәлиплестирилетуғын Фонд Басқармасы – Фондтың атқарыў уйымы болып есапланатуғыны инабатқа алынсын.

  1. «Ватандошлар» жәмийетлик фондының қәўендерлик кеңесиниң қурамы қосымшаға муўапық мақуллансын.
  2. Фондтың Қайырқомлық кеңесине:

бир ай мүддетте Фондтың Уставы, шөлкемлестириў структурасы ҳәм Фонд Басқармасы ағзаларын тастыйықлаў, сондай-ақ, Фонд Басқармасын маман кадрлар менен толықтырыў;

ҳәр жылы Фонд қаржыларынан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарларын, дәрамат ҳәм қәрежетлер бойынша прогноз көрсеткишлерди тастыйықлаў;

Фондқа жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын мәпдар мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, сондай-ақ, қәўендерлерди тартыў усыныс етилсин.

  1. Төмендегилер Фонд қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

мәмлекетлик субсидия ҳәм мәмлекетлик социаллық буйыртпалардан келип түсетуғын қаржылар;

шөлкемлестириўшилер тәрепинен ажыратылатуғын қаржылар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер, сырт еллердиң грантлары;

Фонд қаржыларын коммерциялық банклерге депозитке қойыўдан алынатуғын дәраматлар;

Фондтың исбилерменлик жумысынан алынатуғын дәраматлар (пайда);

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға ҳәр жылы тийкарланған буйыртпа тийкарында Фондтың тийкарғы ўазыйпаларын орынлаў шеңбериндеги илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўди қаржыландырыў ушын субсидия түринде зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлеў усыныс етилсин.
  2. Фондты шөлкемлестириў ушын зәрүр болған дәслепки қаржы сыпатында Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан 5 миллиард сум муғдарда қаржы ажыратылсын.

Усы бәнтте нәзерде тутылған қаржы:

бир ай мүддетте  Қаржы министрлиги тәрепинен шөлкемлестириўшилерден бири сыпатында өзиниң атынан Фондқа өткерилетуғыны;

Фонд жайластырылатуғын хызмет ханаларын оңлаў, олардың зәрүр техника менен тәмийинлениўи, автотранспорт қураллары, офис әсбап-үскенелери, мебель ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлениўи, соның ишинде, кең полосалы Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жалғаныўы, сондай-ақ, коммерциялық банклердиң депозитлерине қаржы қойып, дәрамат алыўы ушын жумсалатуғыны белгиленсин.

  1. Сырт елде жасап атырған ўатанласлар Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў ҳәм оқытыў шәртлерине бола Өзбекстан Республикасы пуқараларына теңлестирилсин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бир ай мүддетте усы бәнтти әмелге асырыў мақсетинде нызамшылыққа өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Ш.Ш.Миноваров ҳәм А.А.Абдувахитов – Фондтың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, бул мәселеде барлық мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыўға;

Министрлер Кабинетиниң Сырт елде ўақтыншалық мийнет етиўди әмелге асырып атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳуқықларын қорғаў ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиў мәселелери департаменти (М.А.Хайриддинов) – Фондтың сырт елде ўақтыншалық мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларын қоллап-қуўатлаў бойынша ўазыйпаларын әмелге асырыўға;

Сыртқы ислер министрлиги (Ф.Н.Арзиев) – Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары арқалы Фондтың сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен үзликсиз бирге ислесиўин жолға қойыў және сырт елдеги илажларды шөлкемлестириўге;

Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети (Р.Ж.Курбанов) – Фондтың ўатанласлар ҳәм олар тәрепинен дүзилген жәмийетлик бирлеспелер менен байланысларын жолға қойыўда, сондай-ақ, сырт еллерде жумыс ислеп атырған өзбек миллий мәдений орайлары ҳәм жәмийетлери менен бирге ислесиў байланысларын орнатыўға;

Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) – Фонд қаржылары есабынан сырт елде өзбек тилинде оқытылатуғын мектеп оқыўшыларын сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў, педагог хызметкерлер ушын қәнигелик арттырыў курсларын шөлкемлестириў және мектеплерди қурыў, оңлаў ҳәм үскенелеўге;

Мәденият министрлиги (О.Назарбеков), Көркем өнер академиясы (А.В.Нуриддинов), Жазыўшылар аўқамы (С.С.Саидов) – сырт елдеги ўатанласлар менен биргеликте өткерилетуғын мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириўге және оларда мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери, белгили жазыўшы ҳәм шайырлардың қатнасыўын Фонд қаржылары есабынан тәмийинлеўге;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Б.Н.Обидов), Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги  (А.Х.Тошқулов) – Фонд тәрепинен республикамыз аймағында исбилерменлик, инвестициялық, илимий, ағартыўшылық ҳәм мәдений жумыс пенен шуғылланыўға тартылған ўатанласларға тийисли жойбарларды әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетсин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги басқа да шөлкемлестириўшилер ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Фондтың белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
  2. Фондтың Қайырқомлық кеңесине еки ай мүддетте Фондтың 2021-жылға мөлшерленген жумыс бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў усыныс етилсин.
  3. Фонд Сыртқы ислер министрлигиниң имаратына ўақтыншалық бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен жайластырылсын.
  4. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Фондтың мүрәжатына тийкарланып, оны телекоммуникация хызметлери, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс пенен белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  5. Сыртқы ислер министрлиги басқа шөлкемлестириўшилер менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи М.А.Хайриддинов ҳәм сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Ф.Н.Арзиев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Ш.Ш.Миноваровқа ҳәм А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 11-август