22.12.2024, Екшемби

Майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Майыплығы болған шахслар, әсиресе, балаларды реабилитациялаў, толық турмыс тәризин жүргизиўге жәрдем бериў ҳәм имканиятларын арттырыў ушын оларды заманагөй протез-ортопедия буйымлары  ҳәм реабилитациялаўдың техникалық  қураллары менен тәмийинлеў, тараўда мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында  2021-жыл 28-июль күни өткерилген майыплығы болған, ата-ана карамағынан айырылған ҳәм жетим балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў бойынша видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпаларды  нәтийжели орынлаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер майыплығы болған шахсларға, әсиресе, балаларға көрсетилип атырған медициналық-социаллық хызметлердиң сапасын бүгинги басқышта жақсылаўдың ең әҳмийетли бағдарлары деп есаплансын:

мектепке шекемги ҳәм қәнигелескен билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған еситиў қәбилети төмен балаларды заманагөй еситиў буйымлары менен тәмийинлеў арқалы бейимлестирилген (адаптив) оқыў системасын енгизиў;

кохлеарлық имплантатларды орнатыў бойынша хирургиялық әмелиятын өткериўден алдын ҳәм оннан кейинги реабилитация процесин Мәмлекетлик бюджет қаржылары  есабынан толық бийпул әмелге асырыў;

балаларды туўма, патологиялық ҳәм арттырылған сүйек-буўын системасындағы өзгерислер ҳәм деформацияларды емлеў ушын зәрүр болған медицина буйымлары ҳәм эндопротезлер менен үзликсиз тәмийинлеў, соның ишинде, экзоскелет үскенесин алып кириў арқалы  майыплығы болған шахслардың әдеттеги турмысқа бийимлесиўин жеделлестириў;

бас мийдеги патологиялық өзгерислер (соның ишинде, гидроцефалия) менен туўылған балалардың, сондай-ақ, жаңа туўылған балалар ҳәм жас өспиримлердеги туўма жүрек аўырыўларының хирургиялық әмелиятын өткериўди мәмлекет тәмийнатына алыў;

майыплығы болған шахсларды заманагөй электр менен жүргизилетуғын майыплар арбашалары менен басқышпа-басқыш тәмийинлеў;

көзи әззи балалар ҳәм жасы үлкен адамлардың турмысы ушын зәрүр болған техникалық қураллар, соның ишинде, даўыслы термометр, даўыслы тонометр ҳәм жыйналмалы Брайл әлипбеси менен басқышпа-басқыш тәмийинлеў.

  1. Еситиў қәбилети төмен болған балаларды емлеўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыў және майыплығы  болған шахслардың әдеттеги турмысқа бейимлесиўин әпиўайыластырыў  бойынша  2021-жылы ҳәм келеси жылларда төмендеги илажлар әмелге асырылсын:

2021-жылдың ақырына шекем 2 мың дана заманагөй еситиў буйымларын сатып алыў ҳәм оларды  қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған  еситиў қәбилети төмен болған балаларға жеткериў;

2021-жылы  сатып алыныўы режелестирилген 260 кохлеар имплантатларына қосымша түрде 355 кохлеар имплантатларды сатып алыў, оларды 5  жасқа шекемги балаларға хирургиялық әмелият арқалы орнатыў;

2021-жылы  қосымша 2 мыңға шекем, 2022-жылдан баслап болса  ҳәр жылы 3 мыңға шекем балаға туўма жүрек кеселлиги және  бас мийдеги патологиялық  өзгерислер (соның ишинде, гидроцефалия) бойынша хирургиялық әмелиятларын өткериў;

ҳәр жылы кеминде 110 наўқас бала ушын транспедикуляр система (фиксаторлар) топламларын  сатып алған ҳалда, оларда  сколиоз  ҳәм омыртқаның  басқа патологиясы бойынша хирургиялық әмелиятларын әмелге асырыў;

жылына  орташа  1 000 балаға туўма ҳәм патологиялық сан шығыўын хирургиялық әмелиятлар арқалы емлеў ушын зәрүр металл конструкцияларын сатып алыў;

ҳәр жылы кеминде 140 наўқас балада көкирек қәпеси деформациясын емлеў  ушын  150 арнаўлы пластиналарды сатып алыў ҳәм орнатыў;

наўқас балаларға туўма аяқ-қол патологияларын емлеў ушын  350 Илизаров аппаратларын сатып алыў;

ҳәр жылы кеминде 100 наўқас балаға хирургиялық әмелиятлар даўамында сүйек дефектлерин дурыслаў ушын коллопан гранулаларды сатып алыў;

балалар церебрал ләң, омыртқа буўынының патологиялық сыныўы менен кеселленген балалар ҳәм жасы үлкенлерде еркин жүриў функцияларын қайта тиклеў ушын Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў миллий орайы ҳәм оның аймақлық орайларын  2021-2023-жылларда 54, соннан 2021-жылы  14 заманагөй экзоскелет үскенеси менен тәмийинлеў;

2021-2025-жылларда 11,6 мың дана, соның ишинде,  2021-жылы 1 100 дана электр менен жүргизилетуғын кресло-арбашаларын майыплығы болған шахслар ушын сатып алыў;

көзи әззи балалар ҳәм жасы үлкенлерди 9 мың дана даўыслы термометр, 10 мың дана даўыслы тонометр,  20 мың дана жыйналмалы Брайл әлипбеси  менен тәмийинлеў;

өзгелердиң бағыўына мүтәж жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар  аўыр ҳәм айрықша жағдайларға түскенде оларға тез жәрдем көрсетиў ҳаққында хабар бериўдиң инновациялық жойбарын  әмелиятқа енгизиў. Онда, 2021-жылы 5 мыңға шекем ҳәм 2022-2023-жыллары 12 мың  арнаўлы функцияға ийе сааттың («Ақыллы саат») Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан тийисли категориядағы  шахсларға жеткерип берилиўин жолға қойыў.

  1. 2022-жыл 1-майға шекем «Социаллық хызмет» электрон платформасы ислеп шығылсын ҳәм иске қосылсын.

Платформа:

медициналық-социаллық хызметлер тараўында хызметлерди мәлимлеме-коммуникация технологиялары тийкарында көрсетиў бойынша   арнаўлы электрон программалық тәмийнат  есапланатуғыны;

протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитациялаў техникалық қуралларына мүтәж болған шахслардың  ашық-айдын электрон гезек системасын  тәмийинлейтуғыны;

майыплығы болған шахсларға  социаллық хызметлерди көрсететуғыны,  оларды  протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеўге  хызмет ететуғыны;

протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитациялаўдың техникалық  қуралларының жарамлылық мүддетин  қадағалайтуғыны,  оларға күтилип атырған  мүтәжликти анықлайтуғыны,  усы буйымлар ҳәм қураллар менен өз ўақтында тәмийинлеўди әмелге асырыў ушын  ўақтында зәрүр резерв жаратыў имканиятын беретуғыны;

майыплығы болған шахс ямаса оның ўәкили тәрепинен медициналық-социаллық хызметлер бойынша  тез мүрәжат етиў  сыяқлы мәселелерди өз ишине алатуғыны белгиленсин.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) усы қарардың 1-3-бәнтлеринде нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын 2021-жылы Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қаржы ажыратсын, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде зәрүр қаржыларды инабатқа алсын.
  2. Майыплығы болған шахслар жумыслары бойынша уйымлараралық кеңес (Б.А.Мусаев):

бир ай мүддетте усы қарардың 1 ҳәм 2-бәнтлеринде белгиленген ўазыйпаларды 2021-жылы  ҳәм келеси жылларда әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасын, сондай-ақ, 3-бәнтинде белгиленген платформаны жаратыў, оның буйыртпашысын  анықлаў және келеси техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм модернизациялап барыўға қаратылған илажлардың бағдарламасын тастыйықласын;

еки ай мүддетте тийисли жәмийетлик шөлкемлер ҳәм маман қәнигелер менен биргеликте 2022-жылдан баслап жаңадан туўылған нәрестелердиң еситиў қәбилетин неонаталь скринингтен өткериўди толық енгизиў бойынша усыныс киргизсин;

зәрүр жағдайларда мәмлекеттеги эпидемиологиялық жағдай, медициналық мәкемелердиң пандемия дәўириндеги миннетлемеси ҳәм әмелдеги талапларынан келип шығып, усы қарардың 2-бәнтинде белгиленген көрсеткишлерге өзгерислер киргизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен биргеликте:

орынлардағы инфраструктуралардың майыплығы болған шахслар ушын қолайлығын басқышпа-басқыш тәмийинлеўге бағдарланған илажларды, соның ишинде, жаңадан қурылып атырған объектлер, жол инфраструктурасы, жумыс алып барып атырған жәмийетлик транспорт ҳәм социаллық инфраструктура объектлеринде майыплығы болған шахсларға болған талапларға әмел етилиўин тәмийинлесин;

майыплығы болған шахслардың жәмийетлик шөлкемлериниң жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатласын, олар менен социаллық шериклик ҳаққындағы келисимлерди дүзсин;

майыплығы болған шахсларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў, социаллық турмыста белсендилигин арттырыў, олар ушын ағартыўшылық ҳәм мәдений-гуманитарлық илажларды шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер бойынша жойбарларды әмелге асырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң директоры А.К.Инаков, денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Д.М.Кенжаевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 31-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 9-август