МҮНӘСИБЕТ
Быйыл Ɵзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигине
30 жыл толмақта. Ғәрезсизлик мәмлекетимизде жасаўшы барлық миллет ўәкиллериниң
улыўмахалықлық уллы байрамы. Соңғы бес жыл ишинде жанажан Ɵзбекстанымызда 30
жыллыққа татыйтуғын түпкиликли ɵзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берди, десек асыра айтпаған боламыз. Ɵткен
қысқа ўақыт ишинде халқымыздың еркин ҳәм абадан жасаўы ушын барлық тараўларда
реформалар алып барылды ҳәм бул илажлар турақлы даўам етпекте.
Ҳүрметли Шавкат Мирзиёев президентликке сайланғаннан
бери Ɵзбекстанда, соның ишинде, Қарақалпақстанда бир қатар унамлы ɵзгерислер айқын
кɵзге тасланды. 2017-2021-жыллар даўамында Президентимиздиң тиккелей басшылығында
әмелге асырылған кең кɵлемли жумыслар мәмлекетимизде жаңа дәўирди баслап берди.
Қарақалпақстан Ресубликасының экономикасы, санаат, қурылыс, мәлимлеме
коммуникация технологиялары, киши безнес ҳәм жеке исбилерменлик, илим, мәденият,
медицина, спорт, мәнаўиятҳәм басқа да тараўлары жедел раўажланбақта.
Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқыў ислери 7 тилде алып барылмақда. Президентимиз Шавкат Мирзиеёвтиң басламасы менен жанажан Ɵзбекстанымызда 30-июль «Халықлар дослығы күни» дәслепки мәрте кɵтериңки руўхта кең түрде белгиленди.
«Юксалиш»
улыўмамиллий ҳәрекети соңғы бес жылда мәмлекет турмысында үлкен ɵзгерислерге
себеп болған, ең әҳмийетли басламалар менен әмелге асырылған реформалардың нәтийжелерин
анықлаў ушын гезектеги экспертлик сораўнамасын алып барды. Ҳәр еки жылда шɵлкемлестирилетуғын
бул сораўнама белгили жетекши сиясатшылар,
экономистлер, илимпазлар, журналистлер, ҳуқық қорғаў органлары ҳәм басқа да жәмийетлик
белсендилерден ибарат 100 жергиликли ҳәм сырт ел экспертлер қатнасында ɵткерилди.
Атап айтқанда, сораўнамада белгили сырт ел экспертлеринен Франция
сыртқы сиясат орайының президенти Фабен Бауссарт, Холон технология университетиниң
президенти Эдуард Якубов, Васеда университеиниң Орайлық Азия бойынша бас
изертлеўшиси Наоки Нихей, Халықаралық жеке исбилерменлик орайы аймақлық
директорының орынбасары Эрик Хонте, «Регионаллық сәўбетлесиў» халықаралық мәмлекетлик
емес шɵлкеминиң директоры Мюша Север, Лондон ҳәм Дубайдың дипломат Business
Club исбилерменлик клубының баслығы Мансур Малик ҳәм басқа бир қатар сырт
еллердиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетик ғайраткерлери қатнасты.
Усы жылғы глобал сораў нәтийжесине кɵре,
экспертлер тәрепинен
Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаңа Ɵзбекстанды қурыўдағы тарийхый әҳмийетке ийе 15 басламасы (100/96 процент
даўыс пенен) анықланды.
1. Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық мүнәсибетиниң
орнатылғаны, шегаралардың ашылғанлығы ҳәм қадағалаў пунктлериниң шɵлкемлестирилгени:
Экспертлер Ɵзбекстан жетекшисиниң ең әҳмийетли
тийкарғы басламаларынан бирин – Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық мүнәсибетиниң
орнатылғаны, шегаралардың ашылғанлығы ҳәм қадағалаў пунктлериниң шɵлкемлестирилгени,
Орайлық Азия мәмлекетлери менен барлық мәселелер бойынша конструктив байланыс
жолға қойылғанын атап ɵтти.
Президентимиз Шавкат Мирзиеёвтиң басламасы менен усы жылдың
15-16-июль күнлери Ташкент қаласында «Орайлық
ҳәм Қубла Азия: регионаллық ɵз-ара байланыс. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар»
темасындағы халықаралық конференцияда Бирлескен Миллетлер Шɵлкеминиң Бас
хаткери, мырза Антониу Гутерриш, Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти,
Пакистан Ислам Республикасы Бас
министри, Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлериниң сыртқы ислер министрлери, жәми
44 мәмлекет ҳәм 30 ға жақын халықаралық шɵлкемлердиң делегациялары, абырайлы сырт ел илмий-изертлеў ҳәм аналитика орайларының
басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз
басшысы тәрепинен конференцияда аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да
күшейтиў, ҳәзирги күнде глобаллық машқалаларға айланған нәшебентлик, терроризм,
адам саўдасы сыяқлы қәўип-қәтер ҳәм қарама-қарсылықларды унамлы шешиў, мәмлекетимиз
ҳәм халқымыздың тәғдири, келешеги болған жасларымыздың билим-тәрбия алыўы
жолында «Социаллық лифт»лерди жаратып бериў бойынша бир қатар усыныслар
билдирилди.
Шавкат Мирзиёев президентликке сайланғаннан соң, қоңсылас мәмлекетлер менен атап айтқанда, Түркменстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан Республикаларының биринши басшылары менен тығыз қарым-қатнас орнатылып, мәдений ҳәм саўда-экономикалық байланыслар жолға қойылды, «Мәденият ҳәм әдебият күнлери»н ɵткериў дәстүрге айланды.
Ташкент қаласындағы «Халықлар дослығы»
қыябаны ҳәм «Халықлар дослығы» мәденият сарайының атамалары қайта тикленди. Сондай-ақ, Ташкент қаласы, Нɵкис кɵшесине
қарақалпақ халқының уллы тулғасы Бердақ Ғарғабай улының бюсти қайта орнына қойылды.
Шайырлар қыябанында Бердақ, Әжинияз, Ɵзбекстан Қаҳарманлары Т.Қайыпбергенов ҳәм
И.Юсупов естеликлериниң орнатылыўы ɵзбек ҳәм қарақалпақ халықларының ɵз-ара аўызбиршилигиниң
ҳәм дослығының және де беккемлениўине ɵзиниң унамлы тәсирин тийгизди.
Мәмлекет басшысының тиккелей
басламасы менен 2019-жылдың август айында Қарақалпақстан Республикасы қурамында шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районы қайта шɵлкемлестирилди.
2. Валюта базарының еркинлестирилиўи, нақ пул менен
менен байланыслы машқалалардың сапластырылыўы`
2017-жылдан баслап миллий валюта курсын экономикада
сырт ел валютасына болған талап ҳәм усынысына тийкар белгилеў механизми
енгизилди ҳәм пуқаралар және исбилерменлик субъектлери тәрепинен сырт ел
валюталарының сатылыўы ҳәм сатып алыныўында, бурын болған шеклеўлер бийкарланды,
исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралар ушын бир қатар қолайлықлар жаратылды.
2018-жылда халықымызға банк хызметлерин кɵрсетиўде, мәселен
валюта алды-сатты операцияларын әмелге асырыўда қолайлылықлар жаратыў мақсетинде
физикалық шахслар тәрепинен тɵлеў карталарына сатып алынған сырт ел валютасын
коммерциялық банклерден нақ пул формасында шешип алыў механизми енгизилди,
коммерциялық банклер тәрепинен халық тығыз жайласқан орынларда, туристлик
зоналар, аэропортлар, вокзаллар ҳәм базарларда «24/7» режиминде ислеўши алдын
болмаған автоматластырылған валюта алмастырыў орынлары шɵлкемлестирилди.
Валюта сиясатын либералластырыў нәтийжесинде 2017-2021-жыллар
даўамында ишки валюта базарында хожалық жүргизиўши субъектлар ҳәм пуқаралар тәрепинен
сырт ел валютасын сатып алыў ҳәм сатыў
операциялары кɵлеми ҳәм валюта базары қатнасыўшылары санының ɵсиўи бақланды.
Хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен сатып алынған жәми валюта кɵлеми 2020-жылды
2017-жыл менен салыстырғанымызда 32,7 есеге, сатылған валюта кɵлеми 6,2 есеге артты.
2021-жылда 2017-жылға қарағанда 3,9 есеге, сатылған валюта кɵлеми 14,6 есеге ɵсти.
Бүгинги күнде Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм
ҳүкиметмиздиң Пәрман, қарарлары талапларының орынланыўы нәтийжесинде валюта
базарын еркинлестириў ҳәм нақ пул менен байланыслы машқалалар сапластырылыўы тәмиийинленди.
3. Мәмлекетлик хызметлер системасының раўажландырылыўы, Мәмлекетлик
хызметлер орайларының иске түсирилиўи, артықша бюрократияға шек қойылыўы:
Мәмлекетлик
хызметлер орайлары енди ɵз жумысын баслаған ўақытта хызмет түрлери 37 болған
болса, бүгинги күнде олар 157 ге жеткен. Пуқараларға күнине орташа 57 мыңнан
артық мәмлекетлик хызметлер кɵрсетилмекте.
Бул ушын 117
ден аслам нызам ҳүжжетлери ислеп шығылып, тараў қайта реформаланды. 70 тен зыят
мәмлекетлик хызмет түри әпиўайыластырылды. Талап етилетуғын ҳүжжетлер саны 221
ден 95 ке қысқартылды. Булардың бәршеси халқымызға үлкен қолайлылықлар жаратпақта.
Бүгинги күнде исбилерменлик субъектлериниң руқсат
бериў түриндеги (лицензия, руқсатнама) ҳүжжетлериниң дерлик кɵпшилиги Мәмлекетлик
хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылыўы тәмийинленди, пуқаралардың
министрлик, мәкеме, шɵлкембе-шɵлкем жүриў, нәўбетте турыў сыяқлы сергизданлықларының
алды алынды. Бул бир жерден тийисли ҳүжжетлерди алыў, сондай-ақ, қымбатлы ўақытларын
ҳәм қаржыны үнемлеў имканын бермекте.
4. Туризмди раўажландырыў шеңберинде 90 мәмлекет ушын визасыз режим, 48
мәмлекет пуқаралары ушын визасыз транзит режиминиң енгизилиўи:
Туризмди раўажландырыў шеңберинде пуқаралардан
елимизге виза талап етилмейтуғын мәмлекетлер саны 9 дан 90 ға
жеткерилди, 53 мәмлекет ушын «электрон виза» системасы
енгизилди.
Туризм ушын қыйын болған 2020-2021-жылларда
тараўдағы субъектлер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, оларға субсидия ҳәм
ссудалар берилмекте. Ɵзбекстан Республикасында жәми 8200 мәдений мийрас ҳәм зыярат
объектлери дизимнен ɵткерилген. Бүгинги күнде №арақалпақстан
Республикасында жәми 288 мәдений мийрас ҳәм зыярат объектлери болып, солардан
40 тан аслам мәдений мийрас объектлери туризм маршрутларына киргизилген.
2020-2022-жылларда
Қарақалпақстан Республикасында туризм тараўы бойынша улыўма муғдары 232,1 млрд.
сумлық 57 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы белгиленген болып, 520
жаңа жумыс орнының жаратылыўы нәзерде тутылған. Соннан 2020-2021-жылларда 27
жойбар иске түсирилди. Буның нәтийжесинде 46,8 млрд. сумлық
инвестиция ɵзлестирилип, 101 жаңа
жумыс орынлары жаратылды.
Қарақалпақстан Республикасында ишки туризмди раўажландырыў,
туристлерди елимизге кеңнен тартыў мақсетинде Нɵкис қаласында дроншоу, «Бәҳәрги туристлик мәўсим басланды`
саяхатқа мәрҳәмат!», «СТИХИЯ» электрон музыка фестивалы, «Мойнақ Ралли»
автомобиль жарысы сыяқлы түрли мәдений кеўилашар, спорт, кɵргизбе ҳәм басқа да ғалабалық
илажлар ɵткерилди.
Бүгинги күнде Бердақ атындағы
№арақалпақ мәмлекетлик университетинде туризм, гид ҳәм аўдармашылық жумысы жɵнелислери, сондай-ақ, Нɵкис компьютер лингвистикасы техникумында Мийманхана
хожалығын шɵлкемлестириў ҳәм басқарыў жɵнелислери
бойынша келешектеги туризм тараўының кадрлары таярланбақта.
5. Инсан ҳуқықлары
кепилликлериниң күшейтилиўи, мәжбүрий мийнет, соның ишинде балалар мийнетиниң
сапластырылыўы:
Ɵзбекстан ɵз ғәрезсизлигине ерискеннен соң, мәмлекетимизде
Халықаралық мийнет шɵлкеми Конвенциясы талапларын орынлаў, оларды миллий нызамшылығымызда
қолланыў әмелияты, аймақларда мәжбүрий мийнетке жол қоймаў, сондай-ақ, жас ɵспиримлерди
мийнет ислеўге мәжбүрлеўдиң алдын алыў, мийнеткешлердиң мийнет тараўында ҳуқықларын
тәмийинлеў менен бирге, олардың социаллық-экономикалық мәплери қорғалмақта.
Булардан тысқары, мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарында
әмелге асырылып атырған жумыслар, кɵрилген илажлар ҳаққында кең жәмийетшилигимизди
хабардар етиў мақсетинде «М!ЛИМЛЕМЕ БЮЛЛЕТЕНЬЛЕРИ» тарқатылды ҳәм бәрше министрлик ҳәм мәкемелерде
жас ɵспиримлерди мәжбүрий мийнетке тартыўдың алдын алыў бойынша турақлы ҳуқықый үгит-нәсият
жумыслары алып барылып, аймақларда кɵшпели қабыллаўханалар шɵлкемлестирилип, пуқаралардың
машқалалары орынларда үйренилип, унамлы шешилмекте.
2021-жылы Нɵкис транспорт колледжи имаратында қурылыс тараўы
ушын маман кадрларды таярлаў орайы шɵлкемлестирилди. Усы орайда 14 кәсип бойынша
оқыў кестеси ҳәм оқыў бағдарламасы
тийкарында қысқа оқыў курсларында 300 ге жақын жаслар оқыўға тартылып, үш
ай даўамында билим ҳәм тәжирийбесин арттырады. Сондай-ақ, Нɵкис коммунал хожалығы
ҳәм хызмет кɵрсетиў кәсип-ɵнер колледжи имаратында «Жумысқа мәрҳамат!» моноорайы ашылды. 4 бағдар бойынша 19 кәсип-ɵнер
ҳәм 3 шет тили үйретиледи. Бул жерде оқыў
сабақлықлары 30 процент теориялық, 70 процент әмелий тәризде алып барылады. Бүгинги
күни орайда 180 нен аслам жаслар кәсип-ɵнер сырларын терең үйренбекте.
6. Халықтың мүрәжатлары
менен ислесиў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлығы бойынша жаңа системаның
енгизилиўи:
Соңғы бес жыллықта Ɵзбекстан Республикасы Президенти
Шавкат Миромонович Мирзиёев тәрепинен халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бағдарында
бурын Ɵзбекстан тарийхында ҳәм басқа да мәмлекетлерде бақланбаған пүткиллей жаңа
системаның енгизлгени бәримизге белгили. Ҳүрметли Президентимиз 2016-жылы президентликке
талабан ўақтының ɵзинде «Халық мәмлекетлик
уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!»,
деген еди. Мине, соннан соң арадан кɵп ɵтпей, яғный, усы принцип тийкарында Ɵзбекстан
Республикасы Президентиниң халықтың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша электрон мүрәжатлар
порталы Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханасы иске түсирилип, оның Қарақалпақстан
Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардағы қабыллаўханалары шɵлкемлестирилди.
Ɵткен жыллар даўамында усы қабыллаўханалар арқалы нешше миллионлаған, халқымыздың
узақ жыллар даўамында шешилмеген мүрәжатлары ɵз шешимин таўып, пуқараларымыздың
абадан турмыста жасаўына тийкар жаратылды ҳәм процесс буннан былай да даўам
етпекте.
Әҳмийетлиси, Президентимиздиң Қарақалпақстандағы қабыллаўханасы,
Нɵкис қалалық ҳәм районлардағы бɵлимлери тәрепинен халқымыздың мүрәжатларын үйрениў
ҳәм оларды унамлы шешиў бағдарында нәтийжели система қәлиплескен.
Бул еле бәри емес. Президентимиз тәрепинен сондай-ақ,
мәмлекетлик басқарыў уйымлары, соның ишинде, барлық тараў басшыларының халықтың
арасына кирип барып, пуқараларымызды қыйнап атырған машқаларды үйрениў ҳәм ɵз
орнында шешиў, соның ишинде, ең шетки аўылларда кɵшпели қабыллаўлар ɵткериў әмелияты
да жолға қойылды.
Дурыс, мүрәжатлар саны барған сайын артып бармақта.
Бул дегени, пуқараларымыздың Президент қабыллаўханаларына деген исениминиң жоқары
екенин, қабыллаўханалар халқымыздың шын мәнисиндеги жәрдемшисине айланып үлгергенинен
дәрек береди.
7. Медиа орталықтың кеңейтилиўи, ҒХҚның жәмийеттеги, әҳмийетли ҳүкиметлик
қарарлар қабыл етилиўиндеги ролиниң арттырылыўы:
Ҳүрметли Президентимиз ɵз жумысына кирисер екен, мәмлекетлик
басқарыў уйымларында ашық-айдынлықты, соның ишинде, мәмлекетимизде сɵз
еркинлигин тәмийинлеўге үлкен итибар қаратты. Бунда әлбетте, медиа орталықтың, ғалаба
хабар қураллары ўәкиллериниң, соның ишинде, журналистлер менен блогерлердиң тутқан
орны оғада әҳмийетли болып табылады. Неге дегенде, ғалаба хабар қураллары мәмлекетлик
басқарыў уйымлары менен жәмийетлик арасында кɵпир ўазыйпасын ɵтейтуғыны бизге
белгили.
Соңғы бес жыллықта Ɵзбекстан Республикасында ҒХҚның ўәкиллик
шеңберлери кеңейип, әзелден орналасып қалған шеклеўлерге тыйым салынды. Мәмлекетлик
басқарыў органларының ҒХҚ ўәкиллери менен тығыз бирге ислесиўи жолға қойылды. Әҳмийетлиси,
ҳүкиметлик қарарлардың қабыл етилиўине журналист ҳәм блогерлердиң тәсири
сезилди.
Улыўма айтқанда кейинги жылларда жаңа Ɵзбекстанды қурыўға
қаратылған реформалар процесинде ғалаба хабар қураллары тараўында да түп-тийкарынан
ɵзгерислер әмелге асырылмақта. Бул бағдарда бар
нормативлик-ҳуқықый базаны күшейтиў мақсетинде кейинги тɵрт жылда 12 нызам ҳүжжети қабыл етилгенин,
медиа тараўы, мәлимлеме хызметлериниң системасы түп-тийкарынан жаңаланғанын
атап ɵтиў зәрүр. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик емес
электрон ғалаба хабар қураллары, газета ҳәм журналлар, баспа ҳәм баспаханалардың
саны кɵбейип атырғаны итибарға ылайықлы.
Мағлыўмат орнында әйне пайытта Қарақалпақстан
Республикасында мәмлекетлик дизимнен ɵткен жәми ҒХҚлар саны 44 ти қурайды.
Соннан 37 газета, 6 журнал ҳәм 1 хабар агентлигин, сондай-ақ, 5 телевидение
менен 2 радионың жумысын атап ɵтиў орынлы.
Бәриңизге белгили, ҳәзирги ўақытта электрон ғалаба
хабар қураллары, атап айтқанда, интернет журналистикасы ɵмиримизге барған сайын
кирип бармақта ҳәм усының тәсиринде жәмийетлик
қадағалаўда блогерлердиң жумысы қәлиплести. Усы орында ɵз жумысы даўамында тең
салмақлылық, бийтәреплик ҳәм қалыслық принциплерине әмел етпей атырған айырым
блогерлердиң бар екенин де жасыра алмаймыз. Биз усы орында кәсип ийелерине
келеси жумысларында жоқарыдағы принциплерге әмел етиўин сорап қалған болар
едик.
8. Гендер сыясатының жаңа басқышқа алып шығылғанлығы, атап айтқанда, республикалық
Гендер комиссиясының шɵлкемлестирилиўи:
Жаңа Ɵзбекстанда алып барылып атырған барлық
реформалар қатарында гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың абырайы менен
ролин арттырыўға да айрықша итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, Ɵзбекстан
Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы ПҚ-4235-санлы қарары менен Республикалық Гендер
комиссиясының дүзилиўи мәмлекетимиздеги ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўдағы әҳмийетли
ҳүжжет болды.
Соның менен
бирге, 2019-жылдың 2-сентябрь сәнесинде «Ҳаял-қызлар ҳәм
еркеклер ушын тең ҳукық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы және «Ҳаял-қызларды
басым ҳәм зорлықлардан қорғаў ҳаққында»ғы Ɵзбекстан Республикасының Нызамлары қабыл
етилди.
Усы Нызамлар тийкарында ҳаял-қызлардың гендер
кемситилиўине жол қоймаў мақсетинде ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў
бойынша арнаўлы комиссия дүзилди. Бул комиссия ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең
ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўде бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге
асырады.
Мине, усы ҳүжжет тийкарында №арақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм барлық министрликлер менен шɵлкемлерде,
район (қала) ҳәкимликлеринде ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды
тәмийинлеў бойынша Мәсләҳәт кеңеслериниң шɵлкемлестирилгенин айрықша атап ɵтиў
орынлы.
Статистикалық
мағлыўматларға кɵре, 2 млн. ға шамалас Қарақалпақстан халқының 960 мыңы ҳаял-қызлардан
ибарат.
Республикамызда
ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў бойынша кең кɵлемли жумыслар әмелге
асырылмақта. Соның ишинде, соңғы жылларда сиясий партиялардағы ағзалар саны
сезилерли дәрежеде артты. Атап айтқанда, Олий Мажлис Сенатына сайланған 6
сенатордан 2 еўи, Нызамшылық палатасына сайланған 8 депутаттан 3 еўи, Жоқарғы
Кеңеске сайланған 65 депутаттан 20 сын ҳаял-қызлар қурайды.
Усы
орында жәмийетимиздеги ең белсенди ҳәм талапшаң ҳаял-қызлардан Қарақалпақстан
медицина институтының ректоры, Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Орал Атаниязова, Олий
Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Зухра Ибрагимова ҳәм Олий
Мажлис Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Аннақлычевалардың
елимизди раўажландырыў бағдарындағы жумысларын айрықша атап ɵтиў орынлы.
Сондай-ақ,
қала ҳәм районлық кеңеслерде 134 ҳаял депутатлар, 8 районлық ҳәким
орынбасарлары жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, республикамыздағы 416 пуқаралар
жыйынлары баслықларынан 43 ин ҳаял-қызлар қурайды.
Сондай-ақ,
2000-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 27 талантлы ҳәм билимли қызлар
Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйылыққа ийе болды. Мәмлекетимиз басшысының Олий
Мажлиске жоллаған Мүрәжатындағы қызлар ушын арналған 4 процентли арнаўлы қабыллаў
квотасына тийкар №арақалпақстан Республикасынан усы жылы жоқары оқыў орынларына
53 қыз грант тийкарында студент болыў бахтына еристи.
Жоқарыдағылардан
белгили болғандай, Республикалық Гендер комиссиясының шɵлкемлестирилиўи,
тараўда қабыл етилген нызамлар менен кең кɵлемли илажлар Қарақалпақстан
Республикасында гендер теңлигин тәмийинлеўге унамлы тәсир етти.
9. Жоқары билимлендириў системасының раўажландырылыўы: университетлерге
қабыллаў квоталарының арттырылыўы, миллий ҳәм сырт ел ЖООлар филиалларының
ашылыўы:
Соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен
билимлендириў системасын раўажландырыў бағдарында да кең кɵлемли реформалар әмелге
асырылды.
Буның бир ғана айқын мысалын Қарақалпақстан
Республикасында 2016-жылға шекем бар болған 6 жоқары оқыў орынларының бүгинги күнде
10 ға жеткерилгенинде кɵриўимизге болады. Сондай-ақ, кейинги еки жылдың ишинде Қарақалпақстан
медицина институты менен Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар
институтының қайта шɵлкемлестирилип, Ɵзбекстан мәмлекетлик концерваториясы Нɵкис
филиалының ашылғанын айрықша атап ɵтиў орынлы.
Ҳүрметли Президентимиз 2020-жылдың
28-декабринде Олий Мажлис ҳәм гүллән халқымызға
жоллаған Мүрәжатында 2021-2022-оқыў жылында мәмлекетлик грантлар санын 25
процентке арттырыў, кем тәмийинленген шаңарақлардың қызлары ушын грантлар санын
2 есеге кɵбейтиў, анық ҳәм тәбийғый пәнлер және
шет тиллери билимлендириў бағдарларына қабыллаў параметрлерин арттырыў
бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.
Мине, усы ўазыйпалар
тийкарында 2021-2022-оқыў жылы ушын республикамыздағы 10 жоқары оқыў орынларына
жәми 11 мың 639 студентти қабыллаў квотасы белгиленди. Соннан 2492 си грант
тийкарында қабыл етиледи.
Итибар бериң, бул кɵрсеткиш 2016-жылға
салыстырғанда 7124 ке, яғный 2,6 есеге артты. 2016-2017-оқыў жылы ушын қабыллаў
квотасы бар жоғы 4515 ти қураған еди.
Соңғы жылларда билимлендириў
тараўында халықаралық бирге ислесиў бағдарындағы жумысларға да сезилери пәт
енгизиди. Атап айтқанда,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нɵкис
педагогикалық институты, Қарақалпақстан медицина институты сыяқлы басқа да
филиаллардың бул бағдарда алып барып атырған жумысларын мысал етиўимизге
болады.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети бул бағдарда
жетекши оқыў орынларынан болып табылады. Университет әйне пайытта Полесск мәмлекетлик
университети, Беларус Миллий техника университети, П.М.Машеров атындағы Витебск
мәмлекетлик университети менен биргеликте бир қатар бакалавр бағдарлары ҳәм
магистратура қәнигеликлери бойынша қоспа билимлендириў бағдарларын шɵлкемлестириў
илажларын алып бармақта. Буннан тысқары, Малайзияның Линкольн университети
менен биргеликте инглис тили ҳәм туризм бағдарлары бойынша биргеликтеги
билимлендириў бағдарламаларын енгизиўге келисип алынған. Қоспа билимлендириў бағдарламалары
бойынша 2019-жылда 47, 2020-жылда 51 студент қабыл етилген болса, бул кɵрсеткишти
2021-жылда 250 ге жеткериў режелестирилген.
Ɵткен қысқа ўақыт ишинде Әжиниз атындағы Нɵкис
мәмлекетлик педагогикалық институты дүньяның 42
мәмлекетлериниң ЖООлары менен ɵ-ара бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойған.
Бул бағдарда Қарақалпақстан медицина институты тәрепинен
әмелге асырылып атырған жумыслар да оғада салмақлы. Институт әйне пайытта Вена медицина
университети, Корё университети, Санкт-Петербург педиатрия университети, Казань
медицина университети ҳәм Москваның бир қатар медицина университетлери менен тығыз
бирге ислеспекте. Соның менен бирге, келешекте Англия, Украина хәм Япония мәмлекетлериниң
университетлери менен бирге ислесиў бойынша сɵйлесиўлер алып барылмақта.
Улыўма айтқанда, Президентимиз атап ɵткениндей, тәрбияда,
билимлендириўде тәнепис болмайды.
10. Исбилерменлик орталығының жақсыланыўы, атап айтқанда, бизнести
дизимнен ɵткериў ҳәм оны жүргизиў бойынша процесслердиң әпиўайыластырылыўы:
Ҳүрметли Журтбасшымыз елимизде исбилерменлик орталығын
раўажландырыў, соның ишинде, исбилерменлерге ҳәр тәреплеме имканиятлар жаратыў,
«Исбилермен бай болса, халық та бай болады», деген принципте ҳәр бир шаңарақты
исбилерменге айландырыў бойынша кɵлемли басламалардың дɵретиўшиси болды.
Әсиресе, исбилерменлик жумысын мәмлекетлик дизимнен ɵткериў
ҳәм оны алып барыў бағдарындағы процесслердиң бурын мисли кɵрилмеген дәрежеде әпиўайыластырылыўы
елимизде исбилерменлер санының тез пәтлер менен артыўына алып келди.
Бул бағдарда ҳүрметли
Президентимиздиң 2017-жылдың декабрь айында қабыл еткен ПП-5278-санлы Пәрманы ҳәм
ПҚ-3430-санлы қарары үлкен әҳмийетке ийе болды. Әйне пайытта усы қарар
тийкарында шɵлкемлестирилген Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Қарақалпақстан
Республикалық басқармасы, Нɵкис қаласы ҳәм барлық районлық орайлары халқымыздың,
әсиресе, исбилерменлердиң шын мәнисиндеги оператив кɵмекшисине айланып үлгерди.
Нешше жыллық сергизданлықларға шек қойылды.
Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында исбилерменлик
субъектлерин дизимнен ɵткериў 10 күн ишинде әмелге асырылып, 7 түрдеги ҳүжжетлер
талап етилген болса, ҳәзир бул хызмет бары-жоғы 30 минут ишинде әмелге
асырылады.
Усының нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы
бойынша 2018-жылда 11 091, 2019-жылда 12 799, 2020-жылда 13 217
исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен ɵткерилген. Сондай-ақ, 2021-жылдың
бир ғана 6 айы даўамында халқымызға 157 түрдеги 576 мыңнан аслам хызметлер кɵрсетилген
болса, соннан 7302 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимге алынған.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң усы жылдың 23-март
сәнесинде қабыл етилген ПП-6191-санлы Пәрманына муўапық, 2021-жыл 1-июньнен
баслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият
уйымлары мәмлекетлик шɵлкемлер ҳәм мәкемелер тәрепинен пуқаралардан, соның
менен бирге, исбилерменлик субъектлеринен 17 түрдеги ҳүжжетлердиң талап етилиўи
бийкар етилмекте.
Соңғы жылларда исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаў
ҳәм олардың мүрәжатлары менен ислесиўге де айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда
Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарларына тийкар Ɵзбекстан Республикасы Бас Министриниң
Исбилерменлер мүрәжатларын кɵрип шығыў қабыллаўханалары шɵлкемлестирилди.
Жоқарыдағылардан кɵринип турғанындай, Ɵзбекстан Республикасында
исбилерменлик орталығын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған түпкиликли
реформалар тез де ɵз нәтийжесин бермекте. Бул нәтийжелердиң жақын келешекте
буннан да артық шеклерге шығатуғыны сɵзсиз, әлбетте.
11. Кәмбағаллықтың рәсмий дәрежеде тән алынғанлығы ҳәм оны қысқартыў
бойынша комплексли қатнастың жетистирилиўи`
Дүньяда 250 ден аслам мәмлекет бар болып, ҳеш бир мәмлекет басшысы кәмбағаллықты
әшкаралы түрде тән алған емес. Буны айтыў лазым болса, шын мәнисиндеги мәртлик,
деўимизге болады. Ел басшымыз Ɵзбекстан Респубикасында кәмбағаллықты ашық түрде
тән алып, бул мәселени еле де қысқартыў, сапластырыўда кɵплеген реформаларды әмелге
асырмақта. Мысал ушын Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнде 416 пуқаралар
жыйыны болып, жәми халық саны 1 млн. 927 мың 542 ни қурайды. Шаңарақлар саны 43
098. Соннан 49,8 процентин ҳаяллар, 56,1 процентин жаслар қурайды.
Республикамызда кәмбағаллықты қысқартыў ушын «Темир дәптер», «Жаслар дәптери»
ҳәм «Ҳаяллар дәптери»и шɵлкемлестирилип, бул дәптерлерге кирген әпиўайы халқымыз,
әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, жеке
исбилерменликлерин раўажландырыўға жәрдем берилмекте. Әҳмийетлиси, усы илажлар
нәтийжесинде кɵпшилик пуқараларымыздың бәнтлиги тәмийинленбекте. «Жаслар дәптери»не
киргизилген жасларға аўыллық жерлерде егислик жерлер ажыратылып, сол аймақтағы
фермерлер тәрепинен оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәтте, егислик жерлерди сүрип,
жақыннан жәрдем берилмекте. Бундай аўызбиршиликли ийгиликли ислерди мақтаныш
пенен айтсақ арзыйды.
12. Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықый ҳәм институционаллық ɵзгерислердиң
әмелге асырылыўы`
Бүгинги күнде коррупция машқаласы пуқаралық
жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын
тийкарғы факторлардың бири есапланады. Себеби, коррупция машқаласының
турмысымызда ушырасыўы нызам үстинлигин тәмийинлеў, демократиялық
реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан ҳуқықларын барлық
орынларда ҳәм жағдайларда қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады.
Ɵзбекстан
Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 3-январ күни «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы
Нызамды тастыйықлады. Бул нызам 2017-жыл 4-январьда күшке кирди. %збекстан
Республикасында әдилликти орнатыў, коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде ɵз
алдына «Коррупцияға қарсы гүресиў
агентлиги» шɵлкемлестирилди. Агентлик тиккелей Президентке бойсынатуғыны,
Олий Мажлис палаталары алдында есап беретуғыны ҳәм Ɵзбекстанның халықаралық имиджине кесент ететуғын жынаятларды әшкаралайтуғыны
менен айрықша әҳмийетке ийе. Президентимиз «Биз коррупция ҳәм менменликти жоғалтсақ, бәри жақсы болады», деген
еди. Шынында да коррупция бар екен, мәмлекетте раўажланыў болмайды.
Қарақалпақстан
Республикасында коррупцияға қарсы гүресиўде республикадағы тийисли уйымлар
менен бирге республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылқ орайы Қарақалпақстан бɵлими
тәрепинен мәкеме-шɵлкемлер менен жоқары оқыў орынларының студент-жаслары
арасында, сондай-ақ, улыўма орта билим бериў мектеплеринде усы темаға
байланыслы турақлы түрде мәнаўият саатлары әмелге асырылмақта. Усы орында
коррупциялық иллетлер менен биргеликте гүресиўге Қарақалпақстандағы барлық
министрлик ҳәм ведомстволарды шақырып қалған болар едик. Себеби, бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияның алдын
алыў ҳәм оған қарсы гүресиў ең тийкарғы мәселелердиң бири болып, бул бәримизден
биргеликте ҳәрекет етиўди талап етеди.
13. Жасларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасының енгизилиўи:
Президентимиз тәрепинен жасларды қоллап-қуўатлаўды жаңа
басқышқа кɵтериў, жаңа системаны шɵлкемлестириўде барлық тараўларға итибар
берилмекте. Соңғы жылларда тиккелей Президентимиздиң басламасы менен елимизде
Жаслар ислери агентлигиниң шɵлкемлестирилиўи, быйылғы жылдың «Жасларды қоллап-қуўатлаў
ҳәм халықтың денсаўлығын беккемлеў жылы» деп белгилениўи ҳәм усы тийкарда
елимизде жасларға қаратылып атырған жоқары дыққат итибар пикиримизди айқын дәлиллейди.
Дыққаттан шетте қалған ҳеш бир тараў жоқ. Солардың қатарында
мәнаўият тараўына да айрықша дыққат қаратылмақта. Бүгинги күнде елимизде халқымыздың
айдын келешегин гɵзлеген ҳалда жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм
олардың руўхый дүньясын байытып барыў мақсетинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық
орайы Қарақалпақстан бɵлими тәрепинен «Мәнаўият фестивалы», фестиваль шеңберинде
«Бир зыялы бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер», «Ҳәр бир нураный бес жасқа устаз» сүрени
астында әмелий семинар ҳәм ушырасыўлар, «Мениң перзентим Ɵзбекстан-Қарақалпақстан
мақтанышы» сүрени тийкарында әмелий конференция, сондай-ақ, «Жаңа ояныў дәўири
китап ҳәм китапханалардан басланады» атамаларында акция ҳәм китап кɵргизбелери,
мәдений-ағартыў илажлары, дɵретиўшилик ушырасыўлар, мәрийпат саатлары турақлы түрде
әмелге асырылып келмекте.
Усы орында Президентимиз тәрепинен жасларымызды
руўхый дүньясы бай, мәнаўиятлы етип тәрбиялаўда соңғы бес жылда тараўға
байланыслы үлкен 4 қарардың қабыл етилгенин
атап ɵтиў орынлы Бул қарарлар тийкарында Жаңа Ɵзбекстан «Миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай» сүрени астында
раўажланыўдың жаңа басқышы
3-ренессанс тийкарын жаратыўға қәдем қоймақта.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен сондай-ақ, «Темир дәптер»ге
киргизилген шаңарақтың перзентлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында да кɵлемли
жумыслар алып барылмақта. Мине, солардың бири. Усы жылдың август айынан баслап «Темир
дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың 18 жасқа толмаған ҳәр бир перзентлери (оқыў
қураллары, китап, кийим-кеншек) ушын 500 мың сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем
кɵрсетиледи. Усы мақсетлер ушын 128 мың балаға мәмлекетлик бюджеттен қаржы
ажыратылмақта.
Бүгинги күнде билимли, мәнаўиятлы, ɵз халқының салт-дәстүрин,
үрп-әдетин, миллий қәдириятларын терең ɵзлестирген, миллий тәрбияны бойына сиңдирген
жаслар мәмлекетимизде кɵпшиликти қурайды. Неге дегенде, жоқары манаўиятлы әўладлар
келешегимиздиң тийкары есапланады.
14. Ɵзбекстанда 15 жыл даўамында турақлы жасаўшы, пуқаралығы болмаған
шахслардың тиккелей пуқаралыққа қабыл етилиў тәртибиниң енгизилиўи:
Ɵзбекстан Республикасы Президенти ɵзиниң 2020-жыл 29-декабрьде
Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында «Пуқаралық
мәселелерине тийисли нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди
турмыстың ɵзи талап етпекте» деп атап ɵткен еди. Мәмлекетимизде соңғы
жылларда елимиз басшысының басламасы менен пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын
толық тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды.
Усы жылдың 14-июнь сәнесинде «Ɵзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы Ɵзбекстан Республикасының
Нызамына қосымша ҳәм ɵзгерислер киргизиў бойынша 696-санлы Нызам қабыл етилди ҳәм
усы тийкарда мәмлекетимизде турақлы жасаўшы, пуқаралығы болмаған шахслардың Ɵзбекстан
Республикасының пуқаралығын тән алыў институты енгизилди.
Бул Нызамда белгиленген ɵзгерис ҳәм қосымшалар бойынша
Қарақалпақстан Республикасында 250 ден аслам
пуқаралығы болмаған шахстың 2005-жыл 1-январьға шекем турақлы жасаў орны бойынша
есапқа алынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери болып, әйне пайытта бул шахсларға идентификация
ID-картасын бериў шаралары
кɵрилмекте.
Усы орында ɵткен 2020-жылдың ɵзинде Қарақалпақстан
Республикасында жасаўшы 300 ден аслам пуқаралығы болмаған шахслар ески үлгидеги
Нызамға тийкар Ɵзбекстан Республикасы пуқаралығына алынғанлығын атап ɵтиў
орынлы.
Буннан тысқары, пуқаралыққа қабыллаў, оны тиклеў яки
оннан шығыў ўақтында ҳүжжетлерди таярлаў тәртиби, пуқаралық мәселелерине
тийисли материалларды кɵрип шығыў мүддетлери, пуқаралық мәселелери бойынша
материалларды кɵрип шығыўды жуўмақлаў тәртибиниң тийкарлары нызамда анық
белгилеп белгилеп берилген болып, бул да айрықша итибарға ылайықлы тәрепи болып
есапланады.
15. Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында тоғайзарлықлардың пайда етилиўи`
Президентимиздиң басламасы менен 2021-жылдың 18-май күни
БМШ Бас Ассамблеясы 75-сессиясының жалпы мәжилисинде «Аралбойы аймағын
экономикалық инновациялар ҳәм ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳаққындағы
арнаўлы резолюция қабыл етилди.
Арал машқаласы ҳаққында сɵз болғанда буны тек ғана
Орайлық Азия емес, ал, пүткил дүнья мәмлекетлери тилге алатуғын болды. Ɵткен әсирдиң
80-жылларының ақырларында кɵтерилген бул мәселени шешиў мәмлекетимиз
басшыларының да дыққат орайында болып келген. Шынында да, бир ўақытлары гɵззал ҳәм
бийтәкирар тәбиятқа ийе болған, дүньяға ɵзиниң түрли мазалы балықлары, қуслары
менен даңқ таратқан Арал теңизиниң бир әўладтың кɵз алдында қурып кетиўи ең кɵлемли
экологиялық апатшылықты пайда етти.
Бүгинги күнде Журтбасшымыздың басламасы менен
Президент мәсләҳәтшисиниң басшылығында Ɵзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан
мәкеме шɵлкем хызметкерлери ɵз техникалары менен Қарақалпақстан Республикасына
келип, қыс айының ишинде күнниң қақаман суўық күнлеринде Арал теңизиниң қурыған
ултанында жасыл тоғайзарлықлар пайда етиўге ɵзлериниң үлесин қосты.
Арал теңизиниң қурыған ултанын тоғайзарлыққа
айландырыў ушын 2018-2021-жыллар даўамында 1 миллион 567 мың гектар майданға
сексеўил, жыңғыл, қарабарақ ҳәм шɵлге шыдамлы басқа да ɵсимликлер егилди. Усы
жылдың бәҳәр айында 458,4 мың гектар майданға жасыл қапламалар жаратыў
жумыслары орынланды. Әлбетте, бундай аўызбиршилик пенен әмелге асырылып атырған
жумыслардың басында Журтбасшымыздың турғанын атап ɵтиў орынлы.
«Теңиз шегинсе де инсан шегинбейди». «2019-2021-жылларда Қарақалпақстан
Республикасының Мойнақ районын жедел комплексли социаллық-экономикалық
раўажландырыў» бағдарламасына тийкар Арал бойы халқы таза ишимлик суўы
менен тәмийинленди. Аралдың қурып қалған орынларында тоғайлықларды пайда етиў,
киши суў бассейнлеринде балықшылық хожалықларын шɵлкемлестириў есабынан
жергиликли халықтың социаллық жақтан қорғалыўы ҳәм бәнтлиги тәмийинленди. Арал
теңизи ултанының бир неше жерлеринен қудық қазылып, суў шығарылды, сексеўиллер
егилди. Соңғы жылларда бул жердеги халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў бағдарында кең кɵлемли жумыслар әмелге асырылды.
Президентимиздиң басламасы менен БМШ қасында Арал теңизи
регионында Инсан қәўипсизлиги бойынша «Trast»
фондының иске түсирилди, БМШ Бас ассамблеясы тәрепинен «Аралбойы аймағын
экономикалық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў» ҳаққындағы
арнаўлы резолюция қабыл етилди. Биз Ҳүрметли Президентимиздиң Ɵзбекстан
Республикасындағы бундай алға илгерилеўлери, үшинши ренессансты жаратыўдағы жаңа
қәдемлериниң еле де даўам ететуғынына исенемиз.
Татлымурат АТАМУРАТОВ,
Республикалық
Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң баслығы.
“Еркин Қарақалпақстан” газетасының 2021-жыл
10-августтағы 95-санынан алынды.