22.12.2024, Екшемби

Қараөзекте жәрдемге мүтәж шаңараққа жай салып берилди

Қараөзек районында социаллық жәрдемге мүтәж, жалғыз баслы майыплығы болған инсанларға жәрдем көрсетилип, олар район ҳәкимлиги тәрепинен қадағалаўға алынған. Биринши сектор аймағындағы “Есим” МПЖ аймағында жасаўшы Генжегул Қалмағанбетова жәрдемге мүтәж шаңарақлардың бири еди. Оның бурынғы жайының тозыўы жетип, жасаў мүмкиншилиги болмағаннан соң, район ҳәкимине мүрәжат етти. Оның мүрәжаты район ҳәкимлиги тәрепинен үйренип шығылып, усы жылдың февраль айынан баслап райондағы бир қатар қәўендер мәкемелердиң жәрдеми менен қурылыс жумыслары алып барылды. Ҳәзир болса оның жайы толық қурып питкерилип, замагөй усылда 3 ханалы етип тапсырылды. Усы мүнәсебет пенен район ҳәкими Г. Қалмағанбетованың шаңарағында болып, шаңарақ ийесин, қурылысшыларды қутлықлады ҳәм қәўендерлерге өз миннетдаршылығын билдирди.