Президент Шавкат Мирзиёев
басшылығында 28-июль күни майыплығы болған, ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм
жетим балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў ҳәм социаллық
напақаларды жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәжилистен соң Министрлер
Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев Хожели районындағы 1-санлы Мүриўбет үйи
тәрбияланыўшылары менен сәўбетлести. Оларға қосымша шараятлар жаратыў атап
айтқанда, тәрбияланыўшыларды өзлериниң қәбилетлерин жүзеге шығарыўы, оларды қызығыўшылықлары
бойынша бағдарлаў ҳәм спортқа тереңирек қамтып алыў, турақ-жай менен тәмийинлеў
соның менен бирге жәмийетимиздиң белсенди ағзасы сыпатында тәрбиялаў, кәсипке
оқытыў ҳәм ең баслысы жәмийетте өзиниң мүнәсип орнын ийелеўине көмеклесиў
бойынша анық режелер белгилеп алынды.
Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети