Жолаўшыларға жәнеде көбирек қолайлықлар жаратыў
мақсетинде, 2021-жылдың 31-июль
күнинен баслап "Ташкент - Нөкис - Ташкент" жөнелисинде 154/153 санлы
қосымша поездлар қатнаўы жолға қойылады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги хабар
бермекте.
Оған бола, ҳәр ҳәптениң шемби күни, саат 20:13 де
"Ташкент - Нөкис" жөнелисиндеги жолаўшы поезди арқа темиржол
вокзалынан, ал "Нөкис-Ташкент"
жөнелисиндеги 153-санлы жолаўшы поезди болса, ҳәр ҳәптениң екшемби күни Нөкис
темиржол вокзалынан ҳәрекетленеди.