22.12.2024, Екшемби

Бозатаўда: 1-сектор аймағында пуқаралардың мүрәжатлары қабыл етилди

Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёевтың басшылығында халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте адамларды мүрәжат етиўге мәжбүр етип атырған машқалаларды мәҳәллениң өзинде сапластырыў керек екенлигин атап өтилип,бул бағдардағы жумысларды нәтийжели әмелге асырыў ушын тапсырмалар белгилеп берилген  еди.

 

Усылардан келип шыққан ҳалда бүгин, Бозатаў районы ҳәкимине бириктирилген 1-сектор аймағына қараслы Бозатаў посёлка пуқаралар жыйынында өткерилген қабыллаўда  40 пуқараның мүрәжаты қабыл етилип, 21 мүрәжат унамлы шешилди. 19 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиниклер берилди.

 


Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети