Кегейли районы аймағындағы республикалық әҳмийетке ийе 4Р-178 автомобиль жолында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда усы жолдыӊ 8,8 км.де жайласқан Кегейли каналыныӊ көпир үсти ҳәм көпирге жақынласыў бөлеги (подход к мосту) автомобиль жолында фрезалаў жумыслары (қырып алыў) алып барылып, жаӊадан асфальт төселди.
Сондай-ақ, бүгинги күнде усы автомобиль жолыныӊ 9-10 км. аралығында асфальт төсеў жумыслары жедел пәтте алып барылмақта.
Айтып өтиў орынлы, Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен район аймағындағы республикалық әҳмийеттеги автомобиль жолларыныӊ сақлаў, күнделикли оӊлаў ҳәм басқа да эксплуатация жумыслары белгиленген режеге тийкар жүргизилмекте.