2021-жыл 22-июль саат 14:00 жағдайында Қарақалпақстан
Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны
919 адамды қурайды. Соннан:
89 пуқара –
Арқа-батыс әскерий горнизоны аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медицина
комплексинде стационар шараятта емленип атыр. Соннан:
19 наўқастың аўҳалы аўыр, соның ишинде 3 наўқас жүдә аўыр
аўҳалда.
Қалған 70 наўқастың аўҳалы орташа. Барлық наўқаслардың
жағдайы турақлы. Наўқаслар дәри-дәрмақ ҳәм 5 мезгил аўқат пенен тәмийинленген.
Бүгинги күнге шекем 258 наўқас саўалып, үйлерине рухсат
берилген.
830 пуқара –
коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар
қадағалаўы астында емленбекте.
Эпидемиологиялық
бақлаў жумыслары даўам етпекте.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети