Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик тил мәселелерине байланыслы қабыл
етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке
түсиндириў бойынша тилши илимпазлар, журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыўында баспасөз
конференциясы болып өтти.
Онда латын имласына тийкарланған қарақалпақ ҳәм өзбек әлипбесине өтиў, оның абзаллықлары соның менен бирге мәмлекетимиздеги барлық мәкеме ҳәм шөлкемлер ушын латын әлипбеси бойынша қәнигелигин арттырыў курслары шөлкемлестирилип атырғаны, ғалаба хабар қураллары латын әлипбесинде жумыс алып барыўы тәмийинленетуғыны ҳаққында кеңнен түсиник берилди.