Жәмийетлик қадағалаў ҳәм халық депутатлары район (қала)лық кеңеслериниң роли

Атқарыў тәртиби – нәтийжелилик факторы


Соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген пәрман және қарарлар, тастыйықланған бағдарлама ҳәм илажлардың нәтийжесинде пүткил республикада болғаны сыяқлы Қарақалпақстанда да салмақлы жетискенликлерге ерисилмекте.

Бул ҳүжжетлер халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, экономикамызды беккемлеў, исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, медицина, спорт, мәденият ҳәм, улыўма етип айтқанда, барлық тараўларды буннан былай да жетилистириўде әҳмийетли тийкар болмақта.

Неге десеңиз, ҳәр бир нызамшылық ҳүжжети халық пенен ашықтан-ашық сәўбетлесиў. халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң пикирлерин тыңлаў, көп жыллардан берли пуқараларымызды қыйнап киятырған машқалаларды орынларға шыққан ҳалда үйрениў арқалы қабыл етилмекте.

Тәртип-қағыйда ҳәр жерде зәрүр. Ийгиликли мақсетке де, жоқары нәтийжелилике де тек тәртип-қағыйда себепли ғана ерисе аламыз. Өз гезегинде, ҳәр бир мәмлекетлик уйымның ўазыйпалары менен функцияларын  әмелге асырыўда атқарыў тәртиби әҳмийетли орын ийелейди.

Сол себепли Президентимиздиң басшылығында «Атқарыў тәртиби – реформалар гиреўи» принципи тийкарында нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар  орынланыўының тәсиршең системасы жаратылды.

Қабыл етилген ҳүжжетлер ҳәм тапсырмаларда системалы механизмлер, мүддетлер, жуўапкерлер ҳәм финанслық дәреклердиң анық белгилениўи ҳәм системаға мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, заманагөй басқарыў усылларын енгизиў, орынлаўды қадағалаў түрлерин жетилистириў есабынан жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумыс нәтийжелилигиниң артыўына ерисилмекте.

Республикамызда аймақлық дәрежеде ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириў, жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыў, бул бағдарда Халық депутатлары кеңеслериниң ролин арттырыў бойынша да жетерли дәрежеде тийкар қәлиплести. Атап айтқанда: барлық дәрежедеги ҳәкимлердиң Халық депутатлары кеңеслери ҳәм Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилислеринде есап беретуғын система жаратылды, сондай-ақ, ҳәким ҳәм орынбасарлардың халық пенен ашық сәўбетлесиў, соның ишинде, халықтың кең қатламлары ушын көшпели қабыллаўлар өткериў әмелияты енгизилди;

орынлардағы басшылардың есабатын тыңлаў, республика дәрежесинде шешилетуғын мәселелерди Олий Мажлис Сенатының додалаўына киргизип барыўды нәтийжели жолға қойыў ҳәм жергиликли кеңеслердиң жумыс сапасын арттырыў мақсетинде кеңеслердиң турақлы тәризде жумыс ислейтуғын хаткерлери дүзилди;

мәмлекетлик дәрежеде қарарлар қабыл етиўде ҳәкимликлердиң қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылып атырған қарар жойбарларын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен де келисиў тәртиби енгизилди;

жергиликли кеңеслердиң нызамшылық ҳүжжетлерине қайшы келетуғын қарарларды Олий Мажлис Сенаты тәрепинен бийкар етиў әмелияты жолға қойылды.

Ҳақыйқатында да, нызам, пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын дурыс шөлкемлестирсек, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳәр бир аймақ ҳәм аўылға, ҳәттеки алыс ҳәм шетки аймақларға шекем жетип барыўын тәмийинлеўге ерисемиз.

Қабыл етилип атырған ҳүжжетлер қаншелли қыйын болмасын, егер биз олардың орынланыўын орынларда жетерли дәрежеде тәмийинлемесек, соншелли мийнет ҳәм ҳәрекетимиздиң нәтийжеси сезилмей қала береди.

Нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың мазмун-мәнисин түсиндириў, үгит-нәсиятлаў өткериў, қала, районлар, қалаберсе, мәҳәллелерде орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде ҳәкимлер, прокуратура, ишки ислер ҳәм мәмлекетлик салық хызмети аймақлық уйымлары басшыларының басшылығында шөлкемлестирилген секторлардың жумысы да өз нәтийжесин бермекте.

Атқарыўшы уйым сыпатында тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўының әҳмийетлилигин толық сезинген ҳалда, ҳәр бир хызметкердиң жеке жуўапкершилиги, кәсиплик шеберлиги, талапшаңлығы ҳәм интакерлигин арттырыў, оларда Ўатанға садықлық, мийнетсүйиўшилик ҳәм ҳадаллық сезимин оятыў, қатаң темир тәртипти орнатыў бағдарында турақлы жумыс алып барылмақта.

Өзбекстан Президентиниң «Нызамшылық ҳүжжетиниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы пәрманының қабыл етилиўи мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде орынлаў тәртибин және де беккемлеў имканиятын берди.

Пәрман менен нызамшылық ҳүжжетлери тапсырмаларының орынланыўын қадағалаўдың пүткиллей жаңа системасы енгизилди.

Буннан былай аймақлық әдиллик уйымлары тәрепинен ҳүжжетлер орынланыўының толық екенлиги ҳәм әдиллиги, соның ишинде, әмелий нәтийжелерди көзден өткериў мақсетинде орынларға шыққан ҳалда турақлы түрде үйренип барылады.

Усы система арқалы тийкарғы гөзленген мақсетке, яғный нәтийжеликке ерисиледи.

Ҳүжжетлер қаншелли тез орынлаўшыларға жетип барса, олардың орынланыўы да өз ўақтында шөлкемлестириледи, ең әҳмийетлиси, баҳалы ўақыт ресурсы ҳүжжет айланысына емес, ал тапсырманы сапалы орынлаўға жумсалады.

Өзбекстан Президентиниң жақында қабыл етилген «Ijro.gov.uz орынлаў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарары менен орынлаў тәртибин беккемлеў бойынша бирден-бир ҳәм үзликсиз технологиялық шынжырды шөлкемлестириў бағдарындағы тийкарғы бағдарлар белгилеп берилди.

Президентимиздиң жоқарыдағы пәрман ҳәм қарарының талапларынан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, қала ҳәм районлардың ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм уйымлардың төменги структураларында орынлаў тәртибин және де беккемлеў, тапсырмалардың орынланыўын додалаў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша төмендеги тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды ҳәм әмелге асырылып келинбекте:

бириншиден, ҳәр бир тапсырманың төменги буўынға, соңғы орынлаўшыға шекем қысқа мүддетте жетип барыўын тәмийинлеў, олардың мазмун ҳәм әҳмийетин түсиндириўди өз ишине қамтып алған, анық механизм, мүддет ҳәм жуўапкери көрсетилген «жол карталары»н өз ўақтында ислеп шығыў ҳәм қадағалаўды жүргизиў;

екиншиден, барлық дәрежедеги басшылардың нызам, пәрман, қарарлар ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша есабатларын Халық депутатлары кеңеслериниң сессияларында, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм мәҳәллелрде өткерилетуғын ушырасыўларда тыңлап барыў  әмелиятын енгизиў;

үшиншиден, ҳәр бир басшының жеке жумыс режесин район, қала, аўыл ҳәм мәҳәлле кесиминде орынлардағы ҳақыйқый жағдайдан келип шығып ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

төртиншиден, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшылары ҳәм хызметкерлериниң жумысына баҳа бериўде орынлаў тәртиби жағдайының тийкарғы нормаларының бири етип белгилеў;

бесиншиден, нызамшылық ҳүжжетлериниң мәнисин ҳәм орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды аймақлық ҳәм орайлық ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке түсиндирип барыў;

алтыншыдан, нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын ислеп шығыўда орынлардағы ҳақыйқый жағдайды сын көзқарастан таллаў, халық ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин үйрениўге ҳәм пайдаланылмай атырған имканиятлар менен резервлерге айрықша итибар қаратыў. Усы жылы апрель айында ҳүкиметтиң Нөкис қаласының шараяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайына байланыслы машқалаларды шешиў бойынша қабыл етилген қарардың әйне орнында «пияда» жүрип таярланғаны жоқарыдағы тийкарғы бағдардың әмелдеги дәлийли болып есапланады.

Жәмийетлик қадағалаў ҳәм Халық депутатлары кеңеслериниң ролин арттырыў

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, «ҳәр бир тапсырманың орынланғанын қағазға қарап емес, ерисилген нәтийжеге қарап баҳалаў, барлық дәрежедеги атқарыў уйымларында тәртипти күшейтиў, белгиленген ўазыйпа ҳәм тапсырмалардың нәтийжелилигин сын көзқарастан таллаўдың тәсиршең механизмлерин енгизиў» күнделикли жумысымызда өз сәўлелениўин табыўы шәрт ҳәм зәрүр.

Соңғы жыларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ашық-айдынлыққа тийкарланған жаңа басқыштағы реформалардын нәтийжеси себепли жәмийетимизде жәмийетлик қадағалаўдың да тәсир шеңбери сезилерли түрде күшейди.

Әсиресе, социаллық тармақларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың басшы-жуўапкерлериниң ис-ҳәрекетине билдирилип атырған мүнәсибет себепли көплеген кемшиликлер менен машқалалар, нызам бузылыў жағдайларына шек қойылып атырғанына бәршемиз гүўа болмақтамыз.

Ҳақыйқатында да, жәмийетлик қадағалаў ҳәм социаллық әдилликти енгизиў ушын шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет байланысларында теңсалмақлылық, теңлик, өз-ара жуўапкершиликке хызмет етеди.

Пуқаралардың белсендилиги, социаллық ҳәдийселерге қарым-қатнас сезиминиң артыўы ҳәм ҳәр бир мәмлекетлик хызметкери өз жумысы жәмийетлик-қадағалаў астында екенин – сезип барыўы пуқаралық жәмийети қәлиплесиў процесиниң әҳмийетли шәртлериниң бири болып есапланады.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың бирлиги халықтың ҳәкимияттан, ҳәкимияттың халықтан жырақласыўының алдын алып, олардың үнлеслигин тәмийинлеў, демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға хызмет етпекте.

Бир сөз бенен айтқанда жергиликли ҳәкимият уйымлары өз жумысы ҳаққындағы мағлыўматларды турақлы түрде халыққа жеткерип турыўы, халық алдында есап берип барыўы бүгинги заман талабы болып есапланады.

Буннан тысқары, соңғы жылларда Халық депутатлары кеңеслериниң аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен қадағалаў орнатыў ҳәм адамларды ойландырып атырған машқалаларды шешиў бағдарындағы ҳәрекетлери өз нәтийжесин бере баслады.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, район (қала)лық кеңеслердиң депутатлары тәрепинен аймақларда социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы бойынша жуўапкер лаўазымлы шахслардың есабатлары тыңлап барылмақта.

Усы жылдың өткен дәўири даўамында нызамшылық ҳүжжетлериниң орынлардағы орынланыўын таллаў мақсетинде 58 мақсетли ҳәм комплексли үйрениў өткерилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде додаланды ҳәм додалаў жуўамақлары бойынша 33 басшы ҳәм жуўапкер хызметкерге тийисли тәртипте шаралар белгиленди.

Жоқарғы Кеңес ҳәм халық депутатлары район (қала)лық кеңеслеринде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық бөлимлериниң басшылары, қала ҳәм районлардың ҳәкимлери, олардың орынбасарлары ҳәм сектор басшыларының есабатлары 349 мәрте тыңланды.

Усы басшылардың узақ ҳәм алыс аймақлардағы аўыл ҳәм мәҳәллелерде 160 көшпели ушырасыўы өткерилип, нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары бойынша есаплары тыңланды.

Сондай-ақ, қабыл етилген ҳүжжетлер, бағдарламалар ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша ғалаба хабар қураллары ушын жеке өзим ҳәм басқа да аймақлық басшылар тәрепинен 32 ашық сәўбет ҳәм брифинг шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» не киргизилген, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы дәптерлерден шығарыў мәселеси ҳәр айда Халық депутатларының район (қала)лық кеңеслеринде көрип шығылмақта.

Соның менен бирге, Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимиздиң басқарыў системасына киргизилген «Мәҳәлле кесиминде», «Шаңарақ кесиминде» ислеў принципи арқалы үйме-үй жүрип үйрениўлер өз нәтийжесин бермекте. Анықланған ҳәр бир мәселе ҳәм машқала Халық депутатлары район (қала)лық кеңеслериниң депутатлық топарларында үйренилип сесияларында додаланып атыр, усы тәризде қарарлар қабыл етилмекте.

Қарақалпақстан Республикасының министрликлери ҳәм басқармалары, қала ҳәм районларда, сондай-ақ, Министрликлер Кеңесиниң орайлық аппаратында нызамшылық ҳүжжетлери орынланыўының шөлкемлестирилиўин таллағанымызда бир қатар системалы кемшиликлерге жол қойылғанына гүўа болдық.

Атап айтқанда:

бириншиден, қала ҳәм районлардың ҳәкимликлеринде нызамшылық ҳүжжетлериниң аймақтағы орынланыўын мақсетли үйрениў талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген.

Қабыл етилип атырған қарарлардың орынлаўы бойынша ҳәкимлердиң қарарларын кешигип қабыл етиў жағдайлары бар. Мысал ушын, Тақыятас районында 8 күнге шекем, Шымбай районында 5 күнге шекем кешиктирип қабыл етилген;

екиншиден, министрликлер ҳәм уйымлардан нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша тастыйықланған «жол карталары», илажлар режесинде орынланыў механизми, мүддетлери ҳәм қаржылардырыў дәреги анық белгиленбеген. Автомобиль жолларының аймақлық басқармасы, суў хожалығы министрлигинде ҳүжжетлерди қала ҳәм районлық бөлимлерине жеткериў ҳәм оның орынланыўын қадағалаў системалы шөлкемлестирилмеген;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен министрликлер ҳәм уйымларды төменги структуралар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар және ҳәр бир мүрәжат тийкарында инсан тәғдири жататуғынын сезген ҳалда усы бағдарда беккем орынлаў тәртибин енгизиў бағдарындағы жумыслар даўам еттириледи.

 

Қаҳрамон САРИЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги