22.12.2024, Екшемби

Коронавирусқа қарсы емлениң ҳәм қәўетирсиз жасаң!

Ҳәммеге белгили ҳәзирги ўақытта республикамызда халықты басқышпа-басқыш коронавирусқа қарсы ғалаба түрде шаншыў иләжлары алып барылмақта. Соңғы күнлерде коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайларының артып баратырғаны шаншыў иләжларын және де жеделлестириўди талап етпекте.

Бүгин Министрлер Кеңеси, министрликлер, басқарма ҳәм комитетлердиң мийнет жәмәәти ZF-UZ-VAK 2001 вакцинасы менен 1-басқышта шаншылды.



Шаншыў иләжларын өткериўден тийкарғы мақсет, кеселлениўшиликти, сондай-ак, бул кеселликтен жүзеге келетуғын аўыр жағдайлардың алдын алыўдан  ибарат. Кеселликке қарсы шаншыў өткерилгеннен кейин организимде вирусқа қарсы антиденешелер пайда болады. Бул антиденешелер организимге вирус түскенде кеселлик шақырыў дәрежесине шекем көбейиўге үлгерместен оларды жоқ етиў ушын организимдеги иммун клеткаларды жибереди. Нәтийжеде кеселликке шалыныӯ итималы пәсейеди, егерде кеселлик жүзеге келген жағдайда да жеңил кешиўин тәмийнлейди.





Ҳүрметли пуқаралар, сизлердиң өз ўақтында емлениўиңиз ҳәм карантин қағыйдаларына әмел етиўиңиз тек ғана өзиңизди қорғап қоймастан жақынларыңыздың да саламатлығын сақлаўда оғада әҳмийетли. Сонлықтан, коронавирусқа қарсы емлениң ҳәм қәӯетирсиз жасаң!