Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен район аймағындағы Абай АПЖда жайласқан 10-11-көшеде оӊлаў жумыслары алып барылды.
Өзбекстан Республикасы Президенетиниң «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары орынланыўын тәмийнлеў бағдарында Беруний районы аймағында ишки хожалық жолларына кириўши 82 автомобиль жолында оңлаў жумыслары жүргизилиўи режелестирилген. Соннан Абай АПЖ аймағындағы 9,1 км. жолда оӊлаў жумыслары жүргизилиўи белгиленген болып, бүгинги күнде 7,9 км. жол оӊланды.
Район көлеминде бағдарлама бойынша 8 көшеде асфалть төсеў режеге киритилген ҳәм бул бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.