Нөкис қаласындағы А.Досназаров көшеси 60, 64, 66, 85А-санлы
көп квартиралы турақ жайлардың там төбесин реконструкциялаў жумыслары 2021-жылдың
мәнзилли бағдарламасына киргизилген.
Бул жумыслар ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-январдағы “2017-2021-жылларда Аралбойы регионларын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы ҳәққында»ғы ПҚ-2731-санлы қарарына муўапық 1 155,2 млн. сўм қаржылар ажыратылган.
Бүгинги күнде бөлип ислеўши "NUKUS TURAN QURILIS" МЧЖ тәрепинен турақ жайлардың там төбесин реконструкциялаў ҳәм там төбесин олигафон менен пардозлаў жумыслары алып барылмақта.